Өзбекстанның еки аймағында баслаўыш класс оқыўшыларына бийпул аўқат (мәмлекет есабынан) тарқатыў системасы жолға қойылды. Бул ҳаққында Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилисинде экономика ҳәм қаржы министри Жамшид Қўчқоров мәлим етти.

Жамшид Қўчқоровтың айтыўынша, ҳәзирги ўақытта 285 мың баслаўыш класс оқыўшыларына мәмлекет есабынан аўқат берилмекте.

Алдынырақ 2022-жылдың 1-апрелинен баслап Хорезм ўәлаяты ҳәм Қарақалпақстандағы мектеплердиң 1–4-класс оқыўшыларын бийпул аўқат пенен тәмийинлеў системасы енгизилгени ҳаққында хабар берилген еди. Кейин Қарақалпақстандағы мектеп оқыўшыларын бийпул аўқат пенен тәмийинлеў басланғаны айтылған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги