Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 4-август күни Ашхабад қаласында Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовтың басшылығында ҳәм Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмонның қатнасыўында өткен үш тәреплеме саммитинде қатнасты.

Ушырасыў күн тәртибине муўапық, суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, энергетика тараўын раўажландырыў, транспорт-логистика потенциалын арттырыў бойынша өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң алдынан Түркменстан Президентине саммитти шөлкемлестиргени ҳәм көрсетилип атырған миймандослық ушын ҳәм Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәтиниң Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедовқа илажды өткериў басламасы ушын миннетдаршылық билдирди.

Регион мәмлекетлериниң бирдей ашық-айдынлық, даўамлылық ҳәм аўызбиршилик сиясаты өзиниң әмелий нәтийжелерин берип атырғаны атап өтилди. Санаат, аўыл хожалығы, энергетика ҳәм логистика тараўларында саўда әмелиятлары ҳәм кооперация келисимлери бир неше рет артты. Аймақлараралық байланыслар ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўлар кеңейди.

Орайлық Азия мәмлекет басшылары Мәсләҳәт ушырасыўларының нәтийжели жумысы атап өтилди. Уқсаслық себепли еки тәреплеме ҳәм регионаллық күн тәртибиниң әҳмийетли мәселелери бойынша өз-ара оптимал шешимлер қабыл етилип атырғаны атап өтилди.

Өзбекстан Президенти жаңа қәўип-қәтерлерге итибар қаратып, оларға мүнәсип ҳәм терең ойланған жуўапларды биргеликте излеў зәрүр екенлигин көрсетип өтти.

Бул регионда суў жетиспеўшилиги барған сайын артып, кейинги жылларда кескин түс алып атырған шараятта, айрықша, әҳмийетли болып есапланады.

Суўды үнемлейтуғын алдынғы технологияларды енгизиў ҳәм ирригация системаларын модернизациялаў, суў ресурсларын басқарыў процесслерин санластырыў, сел ҳәм тасқын суўларды топлаў ҳәм сақлаў ушын инфраструктураны биргеликте раўажландырыў сыяқлы бағдарларда бирге ислесиўди жеделлестириў усыныс етилди.

– Бул мәселелерде Аралды қутқарыў халықаралық қорының пүткил потенциалын ҳәм Жәҳән банки ҳәм Азия инфраструктуралық инвестициялар банки сыяқлы шерик шөлкем ҳәм структуралар шеңбериндеги бирге ислесиўди иске қосыў керек, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Буннан кейин Президентимиз Орайлық Азия мәмлекетлери арасында энергетика тараўында, соның ишинде, энергия ресурсларын жеткерип бериў ҳәм олардың транзити бағдарында тығыз, нәтийжели бирге ислесиў жолға қойылғанын атап өтти.

Мәмлекетлеримиздиң «жасыл» экономикаға өтиўге умтылысы бирдей екенин есапқа алып, гидро ҳәм ыссылық энергетикасында жойбарларды биргеликте әмелге асырыў басламасы алға қойылды.

Өз-ара интеграцияласқан транспорт инфраструктурасын жаратыў бағдарында ҳәрекетлерди бирлестириў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Мәмлекетимиз жетекшиси «Өзбекстан – Түркменстан – Иран» коридорының раўажландырылыўы, Транскаспий жөнелиси потенциалының иске қосылыўы Орайлық Азияның Шығыс – Батыс ҳәм Арқа – Қубла халықаралық коридорлардағы транзит орайы сыпатындағы тартымлылығын арттыратуғынына исеним билдирди.

Усы мақсетте халықаралық жүк тасыўшылар ушын қолайлы шараятлар жаратыў, санластырыўды жеделлестириў ҳәм қадағалаў-өткериў орынларының өткериўшеңлик қәбилетин арттырыў жолында биргеликте ислесиў усыныс етилди.

Дүньяның бас майданы – Бирлескен Миллетлер Шөлкеми шеңберинде ҳәрекетлерди муўапықластырыў ҳәм регион мәмлекетлери тәрепинен алға қойылып атырған басламаларды өз-ара қоллап-қуўатлаў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң жуўмағында Өзбекстан Орайлық Азия регионында тынышлық, турақлылық ҳәм раўажланыўды тәмийинлеўге қаратылған басламаларды буннан былай да қоллап-қуўатлаўға таяр екенин атап өтти.

*    *   *

Президент Шавкат Мирзиёев Ашхабад қаласында Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәтиниң Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов пенен ушырасыў өткерди.

Еки тәреплеме күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер көрип шығылды.

Өзбекстан менен Түркменстан арасындағы көп қырлы қатнасықлар жедел раўажланып, мәмлекетлеримиздиң стратегиялық шериклиги избе-из беккемленип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Саўда, санаат, энергетика, аўыл ҳәм суў хожалығы, транспорт тараўларында ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларда әмелий бирге ислесиў кеңейип атырғаны атап өтилди.

Өзбекстан ҳәм Түркменстан жетекшилери регионаллық бирге ислесиў мәселелери бойынша да пикир алысты, болажақ илажлар режесин көрип шықты.



Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Ашхабад қаласында Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов пенен де сөйлесиў өткерди.

Ушырасыўда мәмлекет басшылары туўысқан халықларымыз арасында көп әсирлик дослық ҳәм жақсы қоңсышылық байланысларына тийкарланған Өзбекстан – Түркменстан тереңлескен стратегиялық шериклик қатнасықларының әҳмийетли мәселелерин додалады.

Әмелий бирге ислесиў барлық бағдарларда кеңейип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Жоқары дәрежедеги келисимлер табыслы әмелге асырылмақта. Ҳүкиметлер, министрликлер ҳәм уйымлар арасындағы байланыслар системалы түс алған.

Өз-ара саўда көлеми артып бармақта, экономиканың түрли тармақларында пайдалы бирге ислесиў кеңеймекте. «Шават – Ташаўыз» қоспа саўда зонасын тез пурсатта иске қосыў зәрүрлиги атап өтилди.

Биргеликтеги кооперация жойбарларын алға қойыў, аймақлар арасындағы алмасыўлар ҳәм мәдений-гуманитарлық байланысларды раўажландырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Регионаллық күн тәртиби бойынша да ҳәр тәреплеме пикир алысылды.

Соның менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Түркменстанға әмелий сапары жуўмақланды.

ӨзА