Ҳүрметли дослар!

Бәринен бурын, сизлерди – мийнеткеш жумысшы ҳәм хызметкерлерди, қурылысшы ҳәм инженерлерди, машинист ҳәм вагон бақлаўшыларын, тараў ветеранларын Темир жол транспорты хызметкерлери күни менен шын кеўилден қутлықлайман.

Жаңа Өзбекстанды – жедел раўажланып, дүньяға бет бурып атырған мәмлекет ҳәм жәмийетти қурыўда сиз, әзизлердиң орныңыз ҳәм үлесиңиздиң теңсиз екенин ҳәммемиз миннетдаршылық пенен тән аламыз.

Жанажан Ўатынымыз ғәрезсизлигиниң 32 жыллығы алдында белгиленип атырған бул қутлы әййямда Өзбекстан темир жоллары ғәрезсизлик дәўиринде үлкен раўажланыў жолын басып өткенин атап өтиўимиз тәбийғый.

Бул дәўирде 2 мың 400 километрден көбирек жаңа темир жоллар қурылып, пайдаланыўға тапсырылды, 3 мың километрден аслам жоллар электрлестирилди, 1 мың 100 километрден артығы болса реабилитацияланды.

Әлбетте, темир жол тармақларының кеңейип баратырғаны барлық аймақларымызды өз-ара тең салмақта раўажландырыў, бай минерал шийки зат ресурсларын комплексли өзлестириўде жаңадан-жаңа имканиятлар ашпақта.

Оны «Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийетиниң шөлкемлестирилгенинен берли жүк ҳәм жолаўшы тасыў көлеми 2 еседен зыятқа көбейгени, 1,6 миллиард тоннва жүк тасылып, 380 миллион жолаўшы мәнзилге жеткерилгени де анық тастыйықлайды.

Сизлердей мыңлаған пидайы ўатанласларымыздың жуўапкершиликли мийнети себепли мәмлекетимизде заманагөй инфраструктураға ийе болған, халық ҳәм экономика тармақларының талапларын толық тәмийинлей алатуғын бирден-бир темир жол системасы қурылып, республикамыздың барлық аймақ ҳәм регионларын исенимли ҳәм нәтийжели байланыстырып келмекте.

Ҳәзирги күнде елимиз заманагөй транспорт коммуникациялары ҳәм жоқары транзит потенциалына ийе болған мәмлекет сыпатында Шығыс ҳәм Батыс, Қубла ҳәм Арқаны өз-ара байланыстыратуғын халықаралық темир жоллардың әҳмийетли шеңберине айланғаны менен ҳәр қашан мақтансақ арзыйды.

Пайтахтымыздан Самарқанд, Бухара, Қаршы сыяқлы тарийхый қалаларымызға қатнап атырған заманагөй «Афросиёб» электропоездлары миллий темир жол транспортымыздың брендине айланды. Несип етсе, келеси жылы Бухара – Хийўа жөнелисинде де жоқары тезликте ҳәрекетленетуғын жолаўшы поездлары қатнаўын жолға қоямыз. Бул болса халқымыз ушын ҳәр тәреплеме қолайлық жаратыў менен бирге, туризм тараўының раўажланыўын жаңа басқышқа көтериўге хызмет етеди.

Өзбекстан темир жолшылары аэропортлар, метро линиялары, көпир ҳәм жол өткеллерин қурыў, кәнлерди өзлестириў бағдарында да әҳмийетли стратегиялық жойбарларды әмелге асырыўда белсене қатнасып келмекте.

Мәмлекетимиз Орайлық Азияда биринши болып темир жол тараўында өзиниң аўыр машина қурылысы ҳәм қуйыў-металлургия санаатына ийе болды. Заманагөй технологиялар  менен үскенеленген ири санаат кәрханалары қурылып, вагон ислеп шығарыў, локомотивлер, жүк ҳәм жолаўшы вагонларын модернизациялаў ҳәм оңлаў жолға қойылды.

Ең әҳмийетлиси, тараўда әмелге асырылып атырған қурамалы басқарыў ҳәм технологиялық жумыслардың барлығы өзимиздиң жергиликли қәнигелеримиз, күш-ғайратлы жасларымыз тәрепинен орынланбақта.

Пурсаттан пайдаланып, бул системада шын кеўилден мийнет етип атырған барлық жоқары тәжирийбели, жанкүйер инсанларға өзимниң атымнан, халқымыздың атынан миннетдаршылық билдиремен.

Ҳүрметли байрам қатнасыўшылары!

Мәмлекетимиз темир жол системасын модернизациялаў, тараўға сырт ел инвестицияларын кеңнен тартқан ҳалда ири ҳәм перспективалы жойбарларды әмелге асырыў, жаңаша пикирлейтуғын, Ўатанымызға садықлық пенен хызмет ететуғын заманагөй кадрларды таярлаў бағдарында еле көп жумыс ислеўимиз керек екенлигин әлбетте барлығымыз жақсы түсинемиз.

Өткен дәўирде үлкен билим ҳәм тәжирийбе арттырған темир жол тараўы хызметкерлери өзлериниң мәртлерше мийнети, дөретиўшилик потенциалы менен алдымызда турған ўазыйпаларды табыслы орынлайды, деп исенемен. Бул мақсетлерге ерисиў ушын мәмлекетимиз тәрепинен барлық зәрүр шараятлар жаратылып берилетуғынын айрықша атап өтпекшимен.

Сиз, әзизлерди кәсиплик байрамыңыз менен және бир мәрте қутлықлап, келеси жумысыңызда жаңа жетискенликлер ҳәм әўметлер, шаңарақларыңызға тынышлық, бахыт ҳәм қут-берекет тилеймен.

Шавкат МИРЗИЁЕВ,
Өзбекстан Республикасы Президенти