Президент Шавкат Мирзиёев 2-август күни Ташкент ўәлаятына барып, ири санаат комплекслери ҳәм спорт объектлери менен танысты, жаңа кәрханаларды иске қосыў мәресиминде қатнасты.

Сапар «Ангрен» еркин экономикалық зонасындағы кәрханалардың жумысы менен танысыўдан басланды.

2012-жылы шөлкемлестирилген бул экономикалық зона соңғы жыллары  аймағы ҳәм потенциалы бойынша кеңейди. Ол Ангрен қаласы, Аҳангаран қаласы ҳәм районы, Бекабад қаласының бир бөлегин қамтып алған. Бүгин бул зонада 76 кәрхана, оларда 11 мыңнан аслам халық жумыс ислемекте.

Олардан бири – «Premier elektrotech» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң 23 миллион долларлық жойбары. Өткен жылы декабрьде иске қосылған бул кәрхана жылына 100 мың кир жуўыў машинасы ҳәм 200 мың суўытқыш ислеп шығарыў ҳәм 1 миллион долларлық экспорт қуўатлығына ийе. 350 адам жумыс пенен тәмийинленген.

Бул жойбардың биринши басқышы болып, оны кеңейтиў ушын қурылыс алып барылмақта. Екинши басқыш быйыл декабрьде пайдаланыўға тапсырылады ҳәм жумыс орынлары 450 ге жетеди.

Жәмийет тәрепинен, сондай-ақ, телевизор, кондиционер сыяқлы басқа да турмыслық техникалар ислеп шығарылады. Бәсекиге шыдамлы бул өнимлер ҒМДА мәмлекетлерине экспорт етилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы Аҳангаранда таяр санаат инфраструктурасының бар екенлиги, бул сырт ел инвестицияларын тартыў ушын үлкен имканият екенин атап өтти. Усындай кәрханаларды кеңейтиў мақсетинде электротехника санааты зонасын шөлкемлестириў усынысы билдирилди.

Аҳангаран металл қубырлар заводының орны бес жыл алдын өнимдарсыз атызлар еди. 2018-жылдан баслап санаат комплекси қурылды. 49 миллион долларлық бул жойбар ушын үскенелер Түркиядан алып келинди. Жыллық 205 мың тонна металл өнимлер таярлаў қуўатлығы жаратылып, 250 жумыс орны жаратылған. Усы жылдың 6 айында дерлик 4 миллион долларлық өним экспорт етилген.

«Silk plast quality» кәрханасында жылына 13 мың тонна полимер қубырлар ҳәм фитинг өнимлери таярланады. 78 адамның бәнтлиги тәмийинленген.

Мәмлекетимиз басшысы бул жерде «Ангрен» еркин экономикалық зонасында ислеп шығарылып атырған өнимлер көргизбесин көзден өткерди. Жаңа жойбарларды қәлиплестириў, халықтың бәнтлигин арттырыў бойынша көрсетпелер берилди.

«Ангрен» еркин экономикалық зонасында және 42 жойбар бойынша жумыслар басланған. Оларда 5 мыңнан аслам жумыс орны ашылады.Буннан соң мәмлекетимиз басшысы Жоқары Шыршық районында қурылып атырған Футбол бойынша миллий сайланды командалар орайын барып көрди.

Бул орай Халықаралық футбол федерациялары ассоциациясы (ФИФА) менен биргеликте шөлкемлестирилмекте. Ҳәзирги ўақытта 8 мың орынлық стадион қурылған. Және 7 шынығыў майданы, пляж футбол майданы, футзал манежи, бассейн, реабилитация комплекси ҳәм жатақханалар қурылысы режелестирилген.

Тараў жуўапкерлери менен сәўбетте миллий футболымызға сырт елден маман техникалық директор алып келиў, футбол структурасын раўажландырыў мәселелери додаланды. Қарақалпақстан, Қашқадәрья, Жиззақ, Наманган ҳәм Ташкентте регионаллық базаларын шөлкемлестириў, тренерлер мектебин жетилистириў бойынша тапсырмалар берилди.

Президент жаслар арасында футболды және де ғалаба ен жайдырыў, оларға шараят жаратыў мәселелерине айрықша итибар қаратты.


– Өзбекстанда футбол ең сүйкимли спорт түри. Ҳәр он адамнан тоғызы оның ықласбенти, десе болады. Бул ғалабалықтан пайдаланып, футболды түп-тийкарынан раўажландырыў керек. Мәселен елимизде 10 мың мектеп бар, 208 район-қала бар. Хош, мектеп, мәҳәлле, жәмәәтлерде футбол қандай болады? Екиншиден, футболға меҳир қойған балалар өз жолын табыўы ушын не ислеўимиз керек? Үшиншиден, жаслар футболдан кеткеннен кейин не менен щуғылланады, оларға қосымша кәсип-өнер бериўди де ойлаў зәрүр,-деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы жас футболшылар менен де сәўбетлести.

– Халқымыздың спортқа меҳири күшли. Әсиресе, футбол «шаңарақлық достымыз». Миллий сайланды командамыз ойынларын ҳәммемиз мақтаныш, толқыў менен бақлаймыз. Сизлер шаңарақта ата-анаңыздың перзенти болғаныңыз бенен майданда халқымыздың перзентлерисиз. Әне, соны бәрқулла есте тутың,-деди Президент.



Футболшыларда Ўатан туйғысын қәлиплестириў зәрүр екенлиги де атап өтилди.

– Футболшылар дүнья гезеди, сырт ел командаларында ойнайды. Олар Өзбекстан тарийхын, шараятларын жақсы билиўи керек. Олар бизиң елшилеримиз, балаларға үлги,-деп атап өтти мәмлекетимиз басшысы.

Футбол медицинасы ҳәм реабилитациясын дүньядағы жетискенликлер тийкарында раўажландырыў мәселелери де көрсетип өтилди.

Президент Шавкат Мирзиёев Шыршық аўыл машина қурылысы кластерине барып, ол жерде ислеп шығарылған биринши жергиликли өним – универсал трактор менен де танысты.

Бул кластер Өзбекстан Президентиниң 2021-жыл 11-ноябрьдеги қарарына тийкарланып шөлкемлестирилген еди. Машина қурылысындағы 5 кәрхана қуўатлықлары оптималластырылып, Шыршық аўыл хожалығы техникасы заводы тийкарында толық циклли кластер системасы жолға қойылды. Оның ушын дерлик 38 мың квадрат метр жаңа имаратлар қурылып, 35 мың квадрат метрден аслам имаратлар оңланды.

Кластер жылына 15 мың трактор, тиркеме ҳәм басқа да техникалар ислеп шығарыў қуўатлығына ийе. Мың жумыс орны жаратылған. Және бир әҳмийетли тәрепи, тармақ кәрханалары арасында кооперацияның кеңейиўи, қәрежетлер ҳәм өнимниң өзине түсер баҳасының қысқарыўына ерисилген.

Жақында кластерде биринши жергиликли өним – универсал трактор ислеп шығарылды. Президент Шавкат Мирзиёев оның дәслепки үлгилерин көзден өткерди.

Сондай-ақ, комбайн ислеп шығарыў да жолға қойылмақта. Бул жумысларды даўам еттирип, импорт өнимлерди локализациялаў, бул процесске жеке меншик секторды тартыў зәрүр екенлиги атап өтилди.



– Аўыл хожалығымызда техникаға талап үлкен. Бизге арзан, қолайлы, үнемли техника керек. Оның ушын локализациялаў ҳәм өзине түсер баҳа бойынша ислеў зәрүр. Дийқанларға арзан техника жеткерип бермесек, мәпдарлық болмайды, – деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы техникаларға хызмет көрсетиўдиң әҳмийетине айрықша тоқтады.

– Бул кластер тек ғана сатыўшы емес, хызмет көрсетиўши де болыўы керек,-деп атап өтилди.



Ташкент ўәлаяты мысалында сервис орайларын шөлкемлестириў, жасларды бийпул оқытып, сапалы хызметлерди жолға қойыў бойынша тапсырма берилди.

Кластерде илим ҳәм өндиристи бирлестириўге айрықша итибар қаратылған болып, усы мақсетте заманагөй илим орайы иске қосылды. Бул жерде Германия ҳәм Швеция компанияларының билимлендириў орайлары менен биргеликте үзликсиз дуал тәлим түриндеги оқыў процесслери жолға қойылған. Соның менен бирге, жоқары билимлендириў мәкемелериниң студентлери теориялық билимлерин кластерде әмелият пенен беккемлеп барады.


Президентимиз өнимлердиң үлгилерин көзден өткерди, қәнигелер менен сәўбетлести.

– Ҳәзир орынларда, кластерлерде пахтаны машинада териў 50 процентке жақынласпақта. Быйыл 6 айда мийўе-овощтың өзинен 550 миллионнан көп экспорт еттик, жақын келешекте 2-3 миллиардға жеткермекшимиз. Аўыл хожалығының барлық тармақларында және жойбарлар көп. Оларда өнимдарлықты арттырыў, адамлардың мийнетин жеңиллестириў ушын сапалы, қол жетимли техникалар зәрүр,-деди Президент.

Кластер жумысында қолайлы электр энергиясы дәреклеринен пайдаланыўға айрықша итибар қаратылған. Атап айтқанда, 20 мың квадрат метр майданда қуяш батареялары орнатылды. Бул кластердиң электр энергиясына талабының 30 процентине шекем тәмийинлеўи мүмкин.

Президент Шавкат Мирзиёев Ташкент ўәлаятына сапары ўақтында «Шыршық» химиялық-индустриаллық технопаркинде болды.

Татарстан Республикасы менен биргеликте бул технопарк өткен жылы 23-март күни ашылған еди. Ҳәзирги күнде 10 миллион долларлықтан аслам 5 кәрхана иске қосылған. Усы жылдың ақырына шекем баҳасы 18 миллион доллар болған және 8 жойбар әмелге асырылады.

Атап айтқанда, «Родиум Полимер» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен көбиклендирилген полипропилен өнимлер ислеп шығарыў жолға қойылды. Кореялы исбилерменлер менен биргеликте әмелге асырылған бул кәрханада жылына 2 мың тонна өним ислеп шығарылып, 2 миллион долларлық экспорт етиледи.

Бул жерде Ташкент ўәлаятындағы жаңа санаат, хызмет көрсетиў ҳәм социаллық тараў комплекслерин иске қосыў мәресими болды. Олар – Аҳангаран районындағы «Ташкент Конч цемент», Төменги Шыршық районындағы «Ташкент коттон текстиль», Жоқары Шыршық районындағы «Азия Ташкент Текстиль», «Салюбрис Вита», Ангрен қаласындағы «Ангрен каолин», «Централ Азия Кемилакс», Нурафшон қаласындағы «Агро Нью Дрип», Шыршық қаласындағы «Шарқ Тюбс», Паркент районындағы «Самсарақ файз» ҳәм «Шабнам Элегант»лар болып есапланады. Бул кәрханаларда цемент, ийирилген жип, тоқымашылық, фармацевтика, байытылған каолин, химия өнимлери, тамшылатып суўғарыў шланглары, реңли металлар ислеп шығарылады. Улыўма, бул кәрханаларда 3 мыңнан аслам жаңа жумыс орны жаратылады.

Мәмлекетимиз басшысы рәмзий түймени басып, жаңа кәрханаларды иске қосты.

Буннан соң, Президенттиң басшылығында кәмбағаллықты қысқартыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм жергиликли бюджет дәраматларын көбейтиў илажлары бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтти. Видеобайланыс арқалы оны Қарақалпақстан Республикасы басшылығы, барлық ўәлаят ҳәм районлар ҳәкимлери де бақлап барды.

Өткен жылы Ташкент ўәлаятында тиккелей сырт ел инвестициясын өзлестириў көлеми 135 процентке өсип, 480 миллион долларды қурағаны атап өтилди. Сондай-ақ, өткен алты айда инвестициялық бағдарламалар шеңберинде 240 миллион долларлық 322 жойбар иске қосылып, 8 мың жумыс орны жаратылған.

Бирақ, айырым район ҳәм қалаларда тек ғана киши ҳәм орта жойбарлар менен шекленип қалынбақта. Мысалы ушын, Орта Шыршық, Чиназ, Қыбрай, Ташкент, Янгийўл районлары ҳәм Нурафшан қаласында ҳеш бир ири жойбар жоқ.

Соның ушын ҳәр бир район ҳәм қала ҳәкимине жылдың жуўмағы менен кеминде 100 миллион доллардан тиккелей инвестиция тартыў ўазыйпасы қойылды.

Усы жылдың алты айында ўәлаятта 440 миллион долларлық экспорт әмелге асырылған. Санаат ҳәм хызмет тараўының көрсеткишлери де артқан. Бирақ айырым район ҳәм қала кесиминде алғанда, түскен. Быйыл қурылысы режелестирилген 114 көп қабатлы турақ жайлардан ҳәзирге шекем тек ғана 9ы пайдаланыўға тапсырылған.

Бул бағдарда кемшиликлерге жол қойған бир қатар басшылар лаўазымынан босатылды.

Президент орынларда салық базасын кеңейтиў ушын ҳәзирги имканиятларды санап өтти. Ҳәр бир исбилерменниң машқаласын шешиўге өз алдына салықшы жуўапкер болатуғыны белгиленди. Салық уйымларын коррупциядан аўлақ структураға айландырыў, хызметкерлериниң руўхый-әдеп-икрамлылық көринисин жақсылаў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм жеңиллетилген ресурслардың жетип барыўын аңсатластырыў илажлары белгиленди. Оған бола, келешекте ҳәким жәрдемшилери өзин-өзи бәнт еткенлердиң киши ҳәм орта бизнеске өтиўине жәрдемлеседи.

Оның ушын Япония тәжирийбеси тийкарында аймақларда бизнес-инкубатор ҳәм акселераторлар системасы енгизиледи. Онда потенциаллы исбилерменлерге дәслепки айланыс қаржылары ушын айланыс капиталы бериледи.

«20 мың исбилермен – 500 мың маман қәниге» бағдарламасы тийкарында 400 мың халықтың бәнтлигин тәмийинлеў басламасы қоллап-қуўатланды.

Мәжилис жуўмағында тийисли министрлик ҳәм уйымлар, аймақлар басшыларының мәлимлемеси тыңланды.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Абдулазиз МУСАЕВ,
ӨзАның хабаршылары