Усы жылдың 2-август күни халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң гезексиз жетпис биринши сессиясы болып өтти.

Сессияның күн тәртибинде шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев қатнасты ҳәм шығып сөйледи.


Сессияда район ҳәкими лаўазымына Зияуатдин Заитовты тайынлаў мәселеси көрип шығылды. Усынылған талабанды районлық Кеңестиң бир қатар депутатлары қоллап-қуўатлап, шығып сөйледи.

Сессияда Зияуатдин Имаматдинович Заитов Нөкис районы ҳәкими лаўазымына тастыйықланды.

З.Заитов усы күнге шекем Шымбай районы ишки ислер бөлиминиң баслығы, Нөкис қаласы ишки ислер бөлиминиң баслығы, Қоңырат районы ҳәкими, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының биринши орынбасары, Нөкис қаласы ишки ислер уйымлары жумысларын муўапықластырыў басқармасының баслығы лаўазымларында нәтийжели жумыс алып барған.

Өз гезегинде З.Заитов билдирилген жоқары исенимди ақлаўға, билим ҳәм тәжирийбесин районды ҳәр тәреплеме раўажландырыўға, әсиресе, социаллық қорғаўға мүтәж халық қатламын материаллық қоллап-қуўатлаўға, халықты қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыўға, исбилерменликти раўажландырыў арқалы қосымша жумыс орынларын жаратыўға жумсайтуғынлығын билдирди.

Усының менен халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң гезексиз жетпис биринши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги