Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев социаллық тараў объектлерине хызмет көрсетиўши тәмийнатшы кәрханалардың ўәкиллери менен ушырасты.

Онда тәмийнатшы кәрхана басшылары ҳәм қәнигелериниң пикир-усыныслары тыңланып, социаллық тараўлардағы аўқатланыўды шөлкемлестириў, билимлендириў, емлеў мәкемелериндеги аўқатланыўды аутсорсинг усылына өткериў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлар, шешимин күтип турған машқалалар, сондай-ақ, жол қойылып атырған қəте-кемшиликлер талқыланды.

Атап өтилгениндей, айырым мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде сапалы азық-аўқат пенен тәмийинлеў дурыс жолға қойылмай атыр. Буннан тысқары, азық-аўқат өнимлериниң белгиленген норма тийкарында берилиўин қадағалаў жумыслары да нәтийжели алып барылмай атыр.

Тилекке қарсы, өткен оқыў жылы даўамында мектеплерде саламат аўқатландырыў системасын енгизиўде бир қатар қəте-кемшиликлерге жол қойылған. Буннан тысқары, жеткерип берилген өнимлердиң қурамын, сапасын турақлы түрде қадағалап қабыллап алыўға жуўапкер комиссия тəрепинен алып барылған жумыслар да талап дәржесинде орынланбаған.

Денсаўлықты сақлаў тараўындағы 38 емлеў-профилактикалық мәкемелердиң асхана хызмети аутсорсинг пенен шуғылланыўшы тәмийнатшыларға берилген. Медицина тараўында да наўқасларды азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеўде бир қатар кемшиликлер ҳəм машқалалар ушыраспақта. Соның менен бирге, бир қатар емлеў мәкемелеринде сапалы азық-аўқат пенен тәмийинлеў жумыслары нәтийжели алып барылмай атыр.

Ушырасыўда усы сыяқлы бир қатар мәселелер сын көзқараста көрип шығылды. Сондай-ақ, жол қойылып атырған кемшиликлерди сапластырыў бойынша тәмийнатшы кәрханалар ҳәм жуўапкерлердиң пикир-усыныслары тыңланды.

Өз гезегинде, олар тәрепинен де бир қатар әҳмийетли мәселелер көтерилип, Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қадағалаўына алынды.

Ушырасыўда алдағы әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар белгилеп алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги