Шымбайлы өнермент Әдил Тәжимуратов төрт–бес жылдан берли мүсиншилик кәсиби менен шуғылланып келмекте. Ҳәзирги күнде ол қарақалпақ ҳаял–қызларының миллий тағыншақлары болған ҳәйкел, билезик, сырға, қарсы илгек, тумар, жүзик, төбелик ҳәм т.б. усы сыяқлы зергерлик буйымларын ислемекте. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий веб–сайты хабар бермекте.
Хабарда жазылыўынша, өнермент ҳаял–қызларымыздың миллий бас кийими есапланған сәўкелени еки айда ислеп шыққан. Өнерменттиң қолынан дөрелген зергерлик буйымларына талап күшли.
Қарақалпақстан хабар агентлиги