Президент Шавкат Мирзиёев 31-июль күни Венгрия, Әзербайжан ҳәм Япония менен инвестициялық бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.

Бизге белгили, бул мәмлекетлер үлкен экономикалық ҳәм инвестициялық имканиятларға ийе. Соңғы жыллардағы турақлы сөйлесиўлер себепли Өзбекстанның олар менен қатнасықлары стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилди, бирге ислесиўдиң ҳәр қыйлы бағдарларында байланыслар жеделлести.

Мәмлекетимиз басшысы 2019-жылы Японияда, 2022-жылы Венгрияда рәсмий сапар менен болған еди. Әзербайжан Президенти ҳәм Венгрия Бас министри мәмлекетимизге келген. Сондай-ақ, Түркий мәмлекетлер шөлкеми, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми, «Орайлық Азия – Япония» структуралары шеңберинде турақлы пикир алысып келинбекте.

Сиясий ерк-ықрар ҳәм өз-ара мәпдарлық нәтийжесинде Венгрия менен 33, Әзербайжан менен 27, Япония менен 13 жойбар бойынша келисимлерге қол қойылған.

Мәжилисте усы жойбарлардың орынланыў жағдайы, оларды әмелге асырыў бойынша жолға қойылған система ҳаққында мәлимлеме берилди.

Мәселен, Венгрия менен биргеликте қусшылық кластерин шөлкемлестириў, авикомпания ашыў, дәри-дармақлар, комплектлеўши бөлеклер ҳәм химия өнимлерин ислеп шығарыў режелестирилген.

Әзербайжан менен энергетика, химия, транспорт, машина қурылысы, қурылыс тараўларында бирге ислесип келинбекте.

Япония менен жойбарлар көлеми кең: энергетика, туризм, денсаўлықты сақлаў, фармацевтика, тоқымашылық, шарўашылық.

Улыўма айтқанда, Венгрия, Әзербайжан ҳәм Япония менен шерикликтеги усы жойбарлар нәтийжесинде 8 мыңнан аслам жаңа жумыс орны, дерлик 1 миллиард 700 миллион долларлық экспорт имканиятының жаратылыўы нәзерде тутылған.

Мәмлекетимиз басшысы жойбарларды өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў, бул бағдарда жуўапкерлер ҳәм инвестиция менеджерлериниң жумысын жанландырыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Еки тәреплеме қарым-қатнаслар, соның ишинде, исбилермен топарлардың өз-ара сапарларын шөлкемлестириў арқалы жаңа жойбарлар бойынша усыныслар ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды. Санаат, мәлимлеме технологиялары, аўыл хожалығы, денсаўлықты сақлаў, хызметлер, билимлендириў ҳәм инновациялар бирге ислесиўдиң жаңа перспективалы бағдарлары сыпатында атап өтилди.

ӨзА