Ферғана қаласында Ишки ислер министрлигиниң кеңейтилген коллегия мәжилиси болып өтпекте. Онда Президент Шавкат Мирзиёев қатнаспақта.

Жәмлеспеген жаслар менен бирден-бир қатнас тийкарында ислесиўди жолға қойыў мақсетинде Уйымлараралық кеңес ҳәм аймақлық кеңеслер шөлкемлестирилетуғыны белгиленди.

Кеңес жәмлеспеген жаслардың бирден-бир электрон базасын қәлиплестиреди ҳәм олар менен мәнзилли ислесиў бағдарламаларын әмелге асырады.

«Жас өспиримлер менен социаллық-ҳуқықый ислесиў кластери»н енгизиўге тапсырма берилди.

Онда, «шаңарақ-мәҳәлле-мектеп-еркин турмыс» принципи тийкарында ҳәр бир тәрбиясы аўыр жас өспиримлер менен жеке тәртипте ислесиў бойынша жаңа система жолға қойылады.

Улыўма, жаслар арасындағы жынаятларды кескин азайтыў бойынша ҳәр бир ўәлаят, район ҳәм қала ҳәкиминиң өзи шуғылланып, өзгерис ислеўи шәрт екенлиги көрсетип өтилди.

ӨзА