Ферғана қаласында Ишки ислер министрлигиниң кеңейтилген коллегия мәжилиси болып өтпекте. Онда Президент Шавкат Мирзиёев қатнаспақта.

– Ҳақыйқатында да, халықтың тынышлығын тәмийинлеў мәҳәлледен басланыўы керек. Бирақ мәҳәлледе жынаятшылықты азайтыў жағдайынан халқымыз қаншелли разы,-деп сораў қойды Президент.

Мысалы ушын, өткен алты айда мәҳәллелерде ерте алдын алыў мүмкин болған 12 мыңға шамалас жынаят жүз берген.

Адам өлтириўшилик ҳәм дене жарақаты менен байланыслы жынаятлардың 50 проценти шаңарақлық-турмыслық келиспеўшиликлер ҳәм турақлы урыс-қағыслар ақыбетинде, урлықтың 70 проценти жумыссызлық ҳәм материаллық жетиспеўшилиги себепли жүз бермекте.

Сондай-ақ, айырым ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары жынаятшылықтың алдын алыўда арқанды бос услаған.

– Олардың арасында жеке мәплерин кәсиплик миннетлемелерден үстин көрип атырған, ҳуқық қорғаў уйымларында ислеўге мүнәсип емес бир қатар басшылар да бар,-деди мәмлекетимиз басшысы.

ӨзА