Президент Шавкат Мирзиёев Ишки ислер министрлигиниң кеңейтилген коллегия мәжилисинде ҳуқық қорғаў тараўындағы жумыслардың жағдайын таллап, келешектеги ўазыйпаларды белгилеп бермекте.

– Биз реформаларымыздың дәслепки күнлеринен-ақ инсан қәдирин улығлаўды ең жоқары қәдирият сыпатында тән алдық ҳәм бул бағдарда үлкен өзгерислерди басладық. Жаңа Өзбекстан, бул – ҳуқықый мәмлекет екенлигин жаңаланған Конституциямызда да белгилеп қойдық. Бирден-бир мақсетимиз – әдиллик ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеў арқалы халқымызды разы етиўден ибарат,-деди мәмлекетимиз басшысы сөзиниң алдында.

Тек ғана соңғы еки жыл ишинде ҳуқық қорғаў жумысына байланыслы 10 нызам, 40 қа шамалас Президент пәрманы ҳәм қарарлары, 60 тан аслам ҳүкимет қарарларының қабыл етилгени атап өтилди.

Ҳуқық қорғаў уйымлары, әсиресе, ишки ислер хызметкерлериниң айлық мийнет ҳақысы кескин арттырылды ҳәм көплеген жеңилликлер берилди.

Тиккелей «мәҳәлледеги беслик» ушын 30 мыңнан артық жаңа штатлар киргизилди.

ӨзА