Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А. Орынбаев туризм тараўын раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар, қабыл етилген нызам ҳүжжетлериниң турмысқа енгизилиўи ҳәм бул бағдарда ушырасып атырған машқалалар бойынша пикирлесип алыў мақсетинде тараў ўәкиллери, исбилерменлик субъектлери басшылары менен ушырасты. 

Онда бүгинги күнде Президентимиз тәрепинен исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў, бул бағдарда туризм тараўында жумыс алып барып атырған исбилерменлер ушын қолайлы шараят жаратыў бойынша қабыл етилип атырған қарарлар, әҳмийетли пәрманлар тийкарындағы имканиятлар ҳаққында кең түрде сөз етилди.



Атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде Президентимиз тәрепинен ишки ҳәм сыртқы туризмди раўажландырыў, бул жолда ушырасып атырған машқалаларды сапластырыў мақсетинде бир қатар илажлар көрилмекте. Бул бағдарда Президентимиздиң усы жыл 26-апрельдеги “Республиканың туризм потенциалын және жергиликли ҳәм сырт ел туристлерининң санын буннан былай да арттырыўға байланыслы илажлар ҳаққында”ғы қарары қабыл етилгени тараўды раўажландырыўда кең имканиятларды жаратып берди.

Ушырасыўда мине, усындай бир қатар жаратылып берилген имканиятлар ҳаққында пикирлесилди. Сондай-ақ, тараўды раўажландырыў бойынша қандай илажларды әмелге асырыў кереклиги, исбилерменлер алдында ушырасып атырған машқалалар, шешимин күтип турған мәселелер бойынша тараў ўәкиллериниң пикир-усыныслары тыңланды.



Өз гезегинде туризм тараўында жумыс алып барып атырған исбилерменлик субъектлери ҳәм бир қатар тараў хызметкерлери тәрепинен әҳмийетли мәселелер көтерилди. Исбилерменлер тәрепинен атап өтилген ҳәр бир көтерилген мәселениң шешими Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қадағалаўына алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги