Өзбекстан ғәрезсизликке ерискеннен соң тамашагөйлер тәрепинен жақсы күтип алынған ҳәм үлкен пикир-таласларға себепши болған «Шайтанат» сериалы «Өзбекстан» телеканалында эфирге берилетуғынлығы белгили болды. Бул ҳаққында Xabar.uz сайтына тийкарланып Daryo.uz хабар бермекте.
Өзбекстан халық жазыўшысы Тоҳир Маликтиң «Шайтанат» шығармасы өткен әсирдиң тоқсаныншы жылларында жазылған ҳәм он бес жылдан аслам ўақыт аралығында жәми бес китап миллионлаған нусқада басып шығарылған еди.
Бул дөретпениң дәслепки китаплары тийкарында сүўретке алынған «Шайтанат» сериалы да тамашагөйлердиң үлкен қызығыўшылығына себепши болған еди. Ёдгор Саъдиев басшылығындағы «Қалқон» студиясы тәрепинен исленген бул фильм эфирге узатыла баслағаннан соң көп ўақыт өтпей тоқтап қалған еди ҳәм буның себебине рәсмий түрде түсиник берилмеген еди.
Сериалдың исленген, бирақ эфирге берилмеген бөлимлери Ёдгор Саъдиев тәрепинен ҳеш кимге көрсетилместен, сақлап келингени ҳаққында мағлыўматлар бар.
Мағлыўматларға қарағанда, 30-апрель күни дәслеп усы сериал ҳаққында арнаўлы ток-шоу болып өтеди. 1-майдан баслап «Шайтанат» эфирге бериле баслайды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги