Усы жылдың 25-июль күни Нөкисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қырқ төртинши сессиясы болып өтти.

Сессияға Олий Мажлис Сенатының ағзалары, сектор ҳәм тараў басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев ашты ҳәм басқарып барды.

Депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.

Сессияныӊ күн тәртибиндеги дәслепки мәселе “Қыйтақ жер хожалығы ҳаққында”ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының (жақа редакцияда) жойбары туўралы Жоқарғы Кеңестиң Аграр, суў хожалығы, тәбиятты қорғаў ҳәм экология мәселелери комитети баслығының орынбасары Адилбек Реимбаев баянат жасады. Онда нызам жойбарыныӊ әҳмийети, қыйтақ жер хожалығының жумыс алып барыўын қоллап-қуўатлаў бағдарындағы әҳмийетли мәселелер сөз етилди.

Нызам жойбары бойынша 33-санлы “Өзбекстан” сайлаў округинен депутат Яхшимурат Ахмедов шығып сөйледи ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.

Күн тәртибиндеги кейинги мәселе “Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы Зухра Реймова баянат жасады.

Нызам жойбары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2023-жыл 27-январьдағы 1073-санлы қарары менен тастыйықланған 2023-жылдың биринши ярымында өткерилетуғын тийкарғы илажларының жобасын орынлаў мақсетинде ислеп шығылды. Нызам жойбарында әмелдеги 9 нызамға өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў усынылмақта. Усыған тийкарланып, Қарақалпақстан Республикасыныӊ айырым нызамларына өзгерислер киргизилип атыр.

Күн тәртибиндеги бул мәселе бойынша депутатлар тийисли қарар қабыл етти.

Сессияда, сондай-ақ,  мектеп билимлендириўи тараўын реформалаў ҳǝм раўажландырыў бойынша көрилип атырған илажлардың нǝтийжелилиги ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министриниң есабаты туўралы мәселеле көрип шығылды. Бул мәселе бойынша Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Ахмед Нарымбетов баянат жасады.

Баянатшының атап өткениндей, ҳәзирги ўақытта министрликке  қараслы жәми 1 мың 606 мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми, Президент мектеби, И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектеби, 2 қәнигелестирилген мектеп-интернат, 14 қәнигелестирлген мектеп, 721 улыўма билим бериў мектеби болып, оларда тәлим-тәрбия жумыслары алып барылмақта. 2022-2023-оқыў жылында қәнигелестирилген мектеп ҳәм мектеп-интернатларына 4 мың 599 оқыўшы қабыл етилип, олар оқыў жылын табыслы тамамлады.  Усы оқыў жылында Нөкис Президент мектебин 19 оқыўшы питкерип, олардың барлығы жоқары оқыў орынларының студентлери қатарында болыў бахтына миясар болды.



Сораў-жуўаплардан соң бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

Буннан кейин Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 30-декабрьдеги “2023-2025-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында”ғы қарары талапларының Қарақалпақстан Республикасында орынланыў барысы ҳаққындағы мәселе көрип шығылды. Бул  бойынша Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы министри Азимжан Қурбанбаев баянат жасады.



Бул мәселе бойынша депутатлар тийисли қарар қабыл етти.

Сондай-ақ, сессияда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 27-июньдағы “Ғалаба хабар қуралларының еркинлигин тәмийинлеў және мәмлекетлик уйымлардың ҳәм шөлкемлердиң мәлимлеме хызметлеринниң жумысын раўажландырыў бойынша қосымша илажлары ҳаққында”ғы қарары ҳәм “Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысының ашық-айдынлығы ҳаққында”ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының орынланыў барысы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң есабаты туўралы мәселе көрип шығылды. Бул мәселе бойынша Денсаўлықты сақлаў министри Мурад Курбанов баянат жасады ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.




Кейинги мәселе Қарақалпақстан медицина институты ректорының усы жоқары оқыў орны жанындағы клиника тәрепинен халқымызға сапалы медициналық хызмет көрсетиў, әмелият пенен илимниң өз-ара интеграциясын тәмийинлеў, медицина тараўындағы алдынғы жетискенлик ҳәм инновацияларды емлеў-диагноз қойыў процесине енгизиў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар ҳаққында есабаты туўралы болды. Бул мәселе бойынша институт ректоры Орал Атаниязова баянат жасады. Депутатлар бул мәселе бойынша да тийисли қарар қабыл етти.




Күн тәртибиндеги соңғы мәселе аўыл хожалығы тараўында орын алған машқалаларды сапластырыў ҳәм дийқаншылықты раўажландырыў бойынша алдағы ўақытларда ислениўи тийис болған илажлар ҳаққында аўыл хожалығы тараўында тәжирийбели қәниге Муратбай Абдиров баянат жасады.



Соңғы жылларда, агроклимат шараятының өзгериўи, ҳаўа температурасының күн даўамында кескин өзгерип максимал дәрежесиниң жоқарылап кетиўи, салыстырмалы ығаллылықтың төменлеўи, талап етилетуғын суў муғдарының толық жетиспеўи нәтийжесинде егинлердиң өнимдарлығы кемейип, тараўдың рентабеллик дәрежеси төменлеп барыўына алып келмекте. Алып барылып атырған бақлаўлар нәтийжесинде, тараўды түп-тийкарынан раўажландырыў ушын аўыл хожалығы дүзилисин, ондағы егилип атырған егин түрлерин жаңалаў бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпасына айланбақта. Бул ушын биринши гезекте ҳәр жылдың өзгешеликлерине байланыслы дәрежеде жүз берип атырған машқалалар ҳәм жол қойылып атырған кемшиликлерди толық есапқа алыў талап етиледи.

Баянатшы тәрепинен аўыл хожалығы егинлерин жайластырыўда жер, суў шараятларын есапқа алып, егин түрлерин таңлаў мәселелерине  жетерли дәрежеде итибар қаратыў, агротехникалық илажларды дурыс қолланыў әҳмийетли ўазыйпалардан бири екенлиги атап өтилди ҳәм бул мәселе бойынша да тийисли қарар қабыл етилди.

Сессияның күн тәртибинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды, депутатлар бул бойынша да тийисли қарар қабыл етилди.



Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қырқ төртинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги