Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 24-июль күни бир қатар сырт мәмлекетлердиң мәмлекет басшылары ҳәм абырайлы сиясатшылары менен телефон арқалы сөйлести.

Сырт елли бирге ислесиўшилер мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен қызғын қутлықлап, Президентимизге беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм Жаңа Өзбекстанды қурыў, халқымыздың абаданлығын арттырыў ҳәм елимиздиң халықаралық абырайын беккемлеў, Орайлық Азия регионында турақлылық ҳәм избе-из раўажланыўды тәмийинлеўге қаратылған артқа қайтпайтуғын реформалар бағдарламасын әмелге асырыўда үлкен табыслар тиледи.

Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин менен телефон арқалы сөйлесиўде өз-ара пайдалы саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў, товар алмасыў пәтин тәмийинлеў ҳәм санаат кооперациясы бойынша әҳмийетли жойбарларды алға қойыў мәселелери додаланды.

Аймақлараралық дәрежедеги сөйлесиў ҳәм алмасыўларды нәтийжели даўам еттириў әҳмийетли екенлиги де атап өтилди.

Регионаллық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер бойынша пикир алысылды.

Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған менен еки мәмлекет арасындағы кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў ҳәм көп тәреплемели әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды.

Президентлер жоқары дәрежедеги келисимлер орынланыўының барысын көрип шықты. Стратегиялық бирге ислесиў кеңесиниң гезектеги мәжилисине пуқта таярлық көриў әҳмийетли екенлигине итибар қаратты.

Экономиканың түрли тармақларында еки мәмлекет жетекши компания ҳәм кәрханаларының санаат кооперациясы бойынша перспективалы жойбарлардың жаңа портфелин биргеликте ислеп шығыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Регионаллық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер бойынша да пикир алысылды.

Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев пенен телефон арқалы сөйлесиўинде жетекшилер жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де кеңейтиў ҳәм беккемлеў мәселелерин ҳәр тәреплеме көрип шықты.

Ҳүкиметлераралық комиссияның Ташкент қаласында ҳәм биргеликтеги Жумысшы топардың Астана қаласында өткен гезектеги мәжилислериниң жемисли нәтийжелери қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Товар алмасыў көлемин арттырыў бағдарындағы ҳәрекетлерди даўам еттириў, санаат тармақлары ҳәм инфраструктура тараўында кооперация жойбарларын алға қойыў, сондай-ақ, қоспа мәдений илажларды турақлы өткериў арқалы жедел гуманитарлық алмасыўды раўажландырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Регионаллық бирге ислесиў мәселелери бойынша пикир алысылды, болажақ жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер режеси көрип шығылды.

Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров пенен сәўбетте Өзбекстан менен Қырғызстан арасындағы жақсы қоңсышылық ҳәм кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери атап өтилди.

Санаат, автомобиль қурылысы, тоқымашылық ҳәм электротехника тармақларында, энергетика инфраструктурасын модернизациялаў бойынша ҳәм бирге ислесиўдиң басқа да тараўларында қоспа кооперация жойбарларын әмелге асырыўда ерисилип атырған нәтийжелер қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Ҳүкиметлераралық комиссияның жумысы шеңберинде жаңа саўда ҳәм инвестициялық жойбарлар топламын таярлаўға айрықша итибар қаратылды.

Өзбекстан ҳәм Қырғызстан жетекшилери болажақ жоқары дәрежедеги илажлар режесин де көрип шықты.

Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон менен Өзбекстан – Тәжикстан стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.

Болажақ жоқары дәрежедеги илажларға таярлық көриў ҳәм еки тәреплеме қатнасықлар күн тәртибин анық әмелий мазмун менен байытыў мәселелери көрип шығылды.

Жетекшилер исбилерменлик ҳәм гуманитарлық байланысларды және де жеделлестириў, соның ишинде, биргеликте көргизбе ҳәм ярмаркалар өткериў, жасларды кеңнен тартқан ҳалда мәдений ҳәм спорт илажларын шөлкемлестириў әҳмийетли екенлиги ҳаққында бирдей пикир билдирди.

Регионаллық шериклик, соның ишинде, Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының турақлы мәсләҳәт ушырасыўлары ҳәм Аралды қутқарыў халықаралық фонды шеңбериндеги бирге ислесиўге байланыслы мәселелер де көрип шығылды.

Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәтиниң Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов пенен сәўбетте Өзбекстан – Түркменстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеў мәселелери додаланды.

Санаат, энергетика, аўыл хожалығы, транспорт ҳәм басқа да тараўларда әмелий бирге ислесиў избе-из кеңейип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Өзбекстан ҳәм Түркменстан жетекшилери регионаллық күн тәртибиндеги мәселелер бойынша да пикир алысты, болажақ илажлар режесин көрип шықты.

Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов пенен сөйлескен ўақтында Өзбекстан-Түркменстан әмелий бирге ислесиўин және де раўажландырыў мәселелери додаланды.

Түркменстан Президенти мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық ҳәм үлкен табыслар, туўысқан Өзбекстан халқына абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи.

Сәўбетте өз-ара саўданы көбейтиў ҳәм экономиканың тийкарғы тармақларында, соның ишинде, санаат, энергетика, аўыл хожалығы, транспорт ҳәм басқа да әҳмийетли бағдарларда кооперация жойбарларын алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.

«Шават-Ташаўыз» шегараалды еркин саўда зонасын қурыў бойынша биргеликтеги жумыслардың дәслепки нәтийжелери үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳом Алиев пенен еки тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, кооперация жойбарларын алға қойыў ҳәм өз-ара саўданы көбейтиў мәселелерин додалады.

Өзбекстан Республикасы ҳүкимет делегациясы өткен ҳәптеде Әзербайжанға әмелге асырған сапарының нәтийжели жуўмақлары ҳәм биргеликтеги Ҳүкиметлераралық комиссияның Шуша қаласында өткерилген гезектеги мәжилисиниң нәтийжелери қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Болажақ жоқары дәрежедеги саммитке шекем айрықша келисимлер топламын қәлиплестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Жедел мәдений-гуманитарлық алмасыўларды ҳәм халықаралық структуралар шеңбериндеги тығыз бирге ислесиўди даўам еттириўге айрықша итибар қаратылды.

Бирлескен Араб Әмирликлери Вице-президенти Шайх Мансур Ол Наҳаян менен телефон арқалы сөйлесиўинде көп тәреплемели бирге ислесиўди және де раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Сөйлесиў алдынан шайх Мансур Ол Наҳаян мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм үлкен табыслар тиледи. Әмирликлер Президенти Шайх Муҳаммад Ол Наҳаянның сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Кейинги жылларда Өзбекстан – БАӘ қатнасықлары жоқары дәрежеге көтерилгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Товар алмасыў көлеми жедел пәтте артып бармақта, қоспа кәрханалар көбеймекте. Әмелге асырылып атырған инвестициялық жойбарлар портфели 4 миллиард доллардан артты.

Болажақ жоқары дәрежедеги илажларға пуқта таярлық көриў, оларды, бәринен бурын, экономика ҳәм инвестиция тараўлары бойынша жаңа, әмелий мазмун менен байытыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Усы мәнисте, анық усыныслар ҳәм перспективалы жойбарларды ислеп шығыў ушын жақын күнлерде еки мәмлекет ҳүкимет делегацияларының ушырасыўларын өткериўге айрықша итибар қаратылды.

Россия Федерациясы Федераллық Мәжилиси Федерация Кеңесиниң Баслығы Валентина Матвиенко мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен қызғын қутлықлап, беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм жаңа табыслар тиледи.

Сәўбетте Өзбекстан – Россия дослық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларының беккемлениўине хызмет етип атырған парламентлераралық сөйлесиўлер жедел өтип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Қазақстан Республикасының Биринши Президенти Нурсултан Назарбаев Өзбекстан Президентин туўылған күни менен қызғын қутлықлап, беккем денсаўлық, шаңарақлық бахыт ҳәм үлкен табыслар тиледи.

Сәўбетте Өзбекстан менен Қазақстан арасындағы жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларында бүгин жоқары дәрежеге ерисилгени үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

***

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң атына туўылған күни мүнәсибети менен сырт мәмлекетлер, ҳүкиметлер ҳәм парламентлер, халықаралық шөлкемлердиң басшыларынан қутлықлаўлар келмекте.

Сырт елли бирге ислесиўшилер мәмлекетимиз жетекшисин қызғын қутлықлап, Өзбекстанның көп миллетли халқына тынышлық-парахатшылық, абаданлық ҳәм раўажланыў тилеклерин билдирмекте.

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Сизди туўылған күниңиз бенен қызғын қутлықлайман.

Сиз Өзбекстан пуқаралары арасында жоқары ҳүрметке ийесиз, оны жақында өткен Президентлик сайлаўдың жуўмақлары да толық тастыйықлады. Сизиң басшылығыңызда мәмлекетиңиз экономикалық ҳәм социаллық раўажланыў жолынан анық бармақта, өз мәплерин халықаралық майданда нәтийжели қорғамақта.

Сиз мәмлекетлеримиз арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын, түрли тараўларда нәтийжели еки тәреплеме бирге ислесиўди беккемлеўге үлкен үлес қоспақтасыз.

Арамыздағы жыллы, дослық қатнасықларды жоқары қәдирлеймен. Буннан былай да еки тәреплеме, регионаллық ҳәм халықаралық күн тәртибиниң әҳмийетли мәселелери бойынша биргеликте ислеймиз.

Сизге, ҳүрметли Шавкат Миромонович, беккем денсаўлық, бахыт-ығбал, мәмлекетлик жумысыңызда табыслар тилеймен.

Ҳүрмет пенен,

Владимир ПУТИН,

Россия Федерациясы Президенти

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Мырза Президент,

Туўылған күниңиз мүнәсибети менен қызғын қутлықлаўларым ҳәм ең жақсы тилеклеримди билдиремен.

Усы жылдың май айында Сиз зайыбыңыз бенен бирге «Қытай – Орайлық Азия» саммитинде қатнасыў ушын Сиань қаласында болдыңыз ҳәм Қытайға мәмлекетлик сапарды табыслы әмелге асырдыңыз.

Сиз бенен нәтийжели сөйлесиў өткерип, мәмлекетлеримиз арасындағы ҳәр тәреплеме бирге ислесиў бойынша бир қатар әҳмийетли келисимлерге еристик, Қытай – Өзбекстан кең көлемли стратегиялық шерикликтиң жаңа перспективаларын белгилеп алып, оған кеңнен жол аштық.

Өзбекстан – Қытай қатнасықларын раўажландырыўға үлкен әҳмийет қаратаман ҳәм Сиз бенен дослығымызды жоқары қәдирлеймен. Сиз бенен биргеликте қолдан келгенше ҳәрекет етип, түрли тараўлардағы бирге ислесиўди алға қойыўға ҳәм улыўма келешекке қарай Қытай – Өзбекстан жәмийетшилигин қурыўға өз үлесимди қосыўға таярман.

Жаңа Өзбекстан Сизиң басшылығыңыз астында және де үлкен табысларға ерисетуғынына исенемен.

Сизге, Уллы Мәртебели Мырза, беккем денсаўлық ҳәм үлкен табыслар тилеймен.

Ҳүрмет пенен,

Си ЦЗИНЬПИН,

Қытай Халық Республикасының Баслығы

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Президент, әзиз туўысқаным

Туўылған күниңиз бенен қызғын қутлықлап, Жаратқаннан Сизге беккем денсаўлық ҳәм парахатшылық, узақ өмир несип етиўин тилеймен.

Түркия ҳәм Өзбекстан арасындағы терең тамыр урған дослық ҳәм туўысқанлық байланыслары барған сайын тереңлесип атырғанынан оғада қуўанышлыман.

Сиз бенен биргеликте кең көлемли стратегиялық шериклик дәрежесине алып шыққан қатнасықларымыз ҳәм бирге ислесиўимиз келешекте ҳәр тараўда беккемлениўде даўам ететуғынына исенимим кәмил.

Пурсаттан пайдаланып, Сизге беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм табыс яр болыўын тилеп, дос ҳәм туўысқан Өзбекстан халқының абаданлығы ушын алып барып атырған жумысларыңызда әўметлер тилеп қаламан.

Режеп Таййип ЭРДОҒАН,

Түркия Республикасы Президенти

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли мырза Президент!

Алпыс алты жасқа толғаныңыз мүнәсибети менен ең жақсы тилеклеримди билдиремен.

Пурсаттан пайдаланып, туўылған күним мүнәсибети менен жоллаған хатыңыз ушын Сизге миннетдаршылық билдиремен.

Сизиң Италияға әмелге асырған сапарыңыз даўамында исеним пайда еткениңиздей, мәмлекетлеримиз ҳақыйқый дослық ҳәм бирге ислесиў байланыслары менен үзликсиз байланысқан, бул халықаралық көлемдеги қыйын ҳәм әҳмийетли мәселелерди шешиў ушын тийкар болып хызмет етпекте.

Өзбекстанға сапар менен келиў имканиятын күтер екенмен, Сизди, мырза Президент, және бир мәрте туўылған күниңиз бенен қутлықлайман ҳәм бахыт-ығбал тилеймен.

Ең жақсы тилеклер менен,

Сержо МАТАРЕЛЛА,

Италия Республикасы Президенти

Төмендегилер өз қутлықлаўларын жоллаған:

Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев,

Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров,

Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон,

Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов,

Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәтиниң Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов,

Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев,

Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко,

Россия Федерациясы Федераллық  Мәжилиси Кеңеси Валентина Матвиенко,

Россия Федерациясы Ҳүкиметиниң Баслығы Михаил Мишустин,

Бирлескен Араб Әмирликлери Бас министриниң орынбасары, ишки ислер министри Шайх Сайф бин Зоид Ол Наҳаян,

Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң бас хаткери Чжан Мин,

Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң бас хаткери Кубаничбек Омуралиев.

Қутлықлаўлардың келиўи даўам етпекте.