Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Кегейли районлық бөлими тәрепинен Ишки ислер министрлиги хызметкерлери менен биргеликте өткерилген  оператив илажда оқыўға киргизип бериўди ўәде еткен проректор усланды.

Атап айтқанда Нөкис қаласындағы жоқары оқыў орынларының бириниң проректоры М.Ж. пуқара Х.Н.ны усы жоқары оқыў орнына киргизип бериў ушын 3 мың АҚШ доллары пара талап етип алған ўақытта айғақлы дәлиллер менен қолға түсти.

Бул жағдайлар бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниӊ тийисли статьясы менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги