Хабарыңыз бар, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының 60111800 – Шет тили ҳәм әдебияты: инглис тили бакалавриат тәлим бағдарына кириў имтиханларында шет тили пәнинен тыңлап түсиниў, оқыў, жазыў ҳәм сөйлеў компетенцияларын анықлаў және баҳалаўға бағдарланған кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан өткерилиўи белгиленген еди.
Усы жылдың 17-июль күнинен баслап институтта кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар басланды.
– Имтиханлар еки басқышта шөлкемлестирилмекте,-дейди институттың баспасөз хаткери И.Матеков.
Усы жылдың 17-20-июль күнлери аралығында өткерилетуғын биринши басқышта абитуриентлер сөйлеў көнликпелерин баҳалаў имтиханын тапсырыўы белгиленген.
Ал, 21-23-июль күнлери аралығында тыңлап түсиниў, оқыў ҳәм жазыў көнликпелерин баҳалаў имтиханы болып өтеди.
Шет тили пәнинен кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан Билим ҳәм маманлықты баҳалаў агентлиги тәрепинен әмелге асырылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги