Студентлер оқыўын көшириў ушын арзалар 5-августқа шекем төмендеги платформалар арқалы қабыл етиледи:

– мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелераралық – transfer.edu.uz арқалы;

– сырт елли ҳәм мәмлекетлик емес ЖООлардан – my.uzbmb.uz арқалы.

Мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемесиниң биреўинен екиншисине оқыўды көшириўге төмендеги 2 жағдайда ғана рухсат бериледи:

– студент шаңарақ қурыўы мүнәсибети менен өмирлик жолдасы турақлы жасайтуғын аймақтағы жоқары билимлендириў мәкемесине оқыўды көшириў ушын мүрәжат еткенде;

– мәмлекетлик уйымлардың хызметкерлери жумыс орны өзгерген жағдайда оған өмирлик жолдасы ямаса жас өспиримге перзенти оқыўды көшириў ушын мүрәжат еткенде, тийисли министрлик (уйым) баслығының усынысы тийкарында.

Қарақалпақстан хабар агентлиги