Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 19-майдағы 312-санлы қарары менен 2022-2023-оқыў жылынан баслап мәмлекетлик билимлендириў мәкемелериниң шет тиллери муғаллими лаўазымына жумысқа қабыл етилип атырған талабанлар кеминде В2 дәрежедеги миллий ямаса оған теңлестирилген сәйкес дәрежедеги халықаралық сертификатқа ийе болатуғыны белгиленген еди.

Бирақ бул тәртип Ҳүкимет тәрепинен өткен жылы мектеплерде шет тиллерди оқытыў процесиниң даўамлылығын тәмийинлеў мақсетинде кешиктирилген ҳәм 2023-2024-оқыў жылынан күшке киретуғыны белгиленген.

Сол себепли 2023-2024-оқыў жылынан баслап жаңа жумысқа кирип атырған шет тиллери муғаллимлеринен В2 дәрежедеги сертификат талап етиледи.

Еслетип өтемиз, 2024-2025-оқыў жылынан мектептеги ҳәр қанда шет тили пәни муғаллими В2 дәрежедеги сертификатқа ийе болыўы талап етиледи.


Қарақалпақстан хабар агентлиги