25-апрель күни пайтахтымыздағы «Истиқлол» балалар дем алыў орайында «Миллий қәдриятлар» көргизбели фестиваль-таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышы өткерилди.

Бул таңлаў ҳәр жылы Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине қараслы республикалық  «Бәркамал әўлад» балалар орайлары ҳәм улыўма билим бериў мектеплеринде шөлкемлестирилген дөретиўшилик дөгереклери арасында өткерилиўи дәстүрге айланған.

Фестиваль-таңлаўға республикамыздағы 17 «Бәркамал әўлад» балалар орайларынан жәми 150ден аслам талантлы оқыўшылар, 9 бағдар бойынша қатнасты.

Фестиваль-таңлаўы жуўмағында «Сүўретлеў өнери» бағдарында «Ең жас сүўретши» номинациясы бойынша шымбайлы Динмухаммед Елмуратов, «Липаслар дизайны» бағдарында «Миллий мақтанышымыз» номинациясы бойынша нөкисли Гүлназ Бекниязова, «Моншақлы безеў» бағдарында «Ең жас безеўши» номинациясы бойынша шымбайлы Айнура Табынбаева, «Көркем тоқыў» бағдарында «Заманагөй идея авторы» номинациясы бойынша берунийли Саёра Қозыбаева, «Тақыя тоқыў» бағдарында «Ең заманагөй тақыя авторы» номинациясы бойынша мойнақлы Ҳүрлиман Тилеўқабулова, «Гилемшилик» бағдарында «Ең жас қатнасыўшы» номинациясы бойынша тақыятаслы Аксана Кәримбаева, «Гүлалшылық ҳәм майда пластика» бағдарында «Ең жас гүлал» номинациясы бойынша Шахноза Кәримбаева, «Жумсақ ойыншық ҳәм қуўыршақлар» бағдарында «Ең жақсы қуўыршақ авторы» номинация бойынша тақыятаслы Севара Айтбаева,  «Ағаш усташылығы» бағдарында «Ең жас уста» номинациясы бойынша Абдимажид Нышанбаевлар жеңимпаз деп табылып май айында Хийўа қаласында өткерилетуғын басқышқа жоллама  алды.

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы