Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Мәмлекетимизде жас әўладты ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстағы белсендилигин арттырыў мақсетинде өзиниң жоқары күш-жигери, дөретиўшилик ҳәм интеллектуаллық потенциалы, таланты ҳәм қәбилетин көрсетип, ҳадал ҳәм жемисли мийнети, түрли тараўларда ерискен жетискенликлери менен елимиздиң раўажланыўына, оның халықаралық абырайын және де арттырыўға мүнәсип үлес қосып атырған, ана Ўатанымызға меҳир ҳәм садықлығы, үлгили әдеп-икрамлылығы ҳәм ўатансүйиўшилик пазыйлетлери менен заманласларына өрнек болып киятырған төмендеги интакер ҳәм жетекши жасларымыз «Келажак бунёдкори» медалы менен сыйлықлансын:

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

Мәмбетиярова Улбосын Мусатдин қызы – Қоңырат районы «Мыңжарған» мәкан пуқаралар жыйынындағы жаслар жетекшиси

Ныязымбетов Шерзод Қәдирбердиевич – Нөкис районындағы «Biogumus» фермер хожалығының баслығы

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2023-жыл 29-июнь