23-июнь күни Орайлық сайлаў комиссиясының гезектеги мәжилиси болып өтти.

Онда 1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясы баслығы Т.Атамуратов, Орайлық сайлаў комиссиясы ағзасы М.Бабаназарова ҳәм округ ағзалары да видеоконференцбайланыс түринде қатнасты.



Мәжилисте атап өтилгениндей, физикалық ҳәм юридикалық шахслардан келип түскен барлық мүрәжатларға Орайлық сайлаў комиссиясы ағзалары ҳәм Секретариаттың тийисли бөлимлериниң жуўаплы хызметкерлери тәрепинен нызамшылық ҳүжжетлерине тийкарланған ҳалда өз ўақтында жуўап қайтарылмақта ҳәм бирде-бир мүрәжат итибардан шетте қалып атырған жоқ.

Соннан келип шығып, сайлаўға таярлық көриў барысында Орайлық сайлаў комиссиясына келип түскен мүрәжатлар бойынша көрилген илажлар комиссия ағзалары тәрепинен додаланды ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.

Күн тәртибине муўапық, мәжилисте халықаралық бақлаўшылар ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллерин аккредитациядан өткериў мәселелери де көрип шығылды. Атап айтқанда, Сыртқы ислер министрлигиниң усыныснамасына муўапық сырт еллерден жәми 124 бақлаўшы аккредитациядан өткерилди.

Сондай-ақ, ОСКға келип түскен мүрәжатлар тийкарында, жергиликли ғалаба хабар қуралларының 301 ўәкили аккредитациядан өткерилди. Бүгинги күнге шекем аккредитациядан өткерилген жергиликли ҳәм сырт ел ғалаба хабар қуралларының улыўма саны 1 155 ти қурамақта.

Мәжилис күн тәртибине муўапық, 1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясының баслығы Т.Атамуратовтың Президент сайлаўына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша округлик ҳәм участкалық сайлаў комиссияларында әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша мәлимлемеси тыңланды.






Округ баслығы Т.Атамуратов өз мәлимлемесинде сиясий процесске таярлық “Сайлаў кодекси” ҳәм Орайлық сайлаў комиссиясының тийисли қарарлары тийкарында шөлкемлескенлик пенен алып барылып атырғанын, бул бағдарда Округлик ҳәм аймақлардағы участкалық сайлаў комиссиясы ағзалары биргеликте бул әҳмийетли илажға пуқта таярлық көрип атырғанын атап өтти. Қарақалпақстан округи аймағында 654 сайлаў участкасы дүзилген. Солар арасында Нөкис қаласынан Елликқаладағы “Шуқырқақ” аўылы, Тахтакөпирдеги “Қоструба” елаты , Қоңырат районының Қарақалпақстан посёлка пуқаралар жыйыны аймағындағы сайлаў участкалары 250, 270 ҳәм 450 км узақлықта жайласқан. Ҳәзирги ўақытта барлық аймақлардағы сайлаў участкаларының сиясий илажға таярлығы және бир мәрте көзден өткерилип, участкалық сайлаў комиссиялары ағзалары маман тренерлер тәрепинен оқытылмақта.

Мәжилис даўамында Өзбексстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериўши 4-Жиззақ ҳәм 11-Ферғана округлик сайлаў комиссиясы баслықларының да сайлаўға таярлық көриў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары ҳаққында мәлимлемелери тыңланды ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.

 

1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясының Баспасөз орайы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги