Ата кәсип… Балалығынан сүўретке түсириўди әрман еткен Махмуджан Шамуратов 13-14 жасар ўақтында класcлас досларының сүўретлерин шығарып жүретуғын еди. 35 жыл даўамында фотохабаршы болып жумыс ислеген  әкеси, марҳум Сапарбай Шамуратов оның бул қызығыўшылығын көрип, өзи менен бирге дөретиўшилик сапарларына алып барып, сүўретке түсириў сырларын меңгерип алыўына себепши болды.  Усылайынша оқыўшы ўақтынан-ақ, әкеси, фотограф С.Шамуратовтың қасында жүрип, «Смена 8 м» фото аппаратында сүўретлер түсиретуғын болды. Ол республикалық, районлық газеталардың бетлеринде өзиниң сюжетке бай фото-репортажлары менен көзге түсе баслады.

1996-жылдан «Әмиўдәрья ҳақыйқаты» газетасы редакциясында фотохабаршы болып ислей баслайды ҳәм 27 жылдан берли усы газетаның сапалы ҳәм қызықлы болып шығыўына үлес қосып келмекте. Кәсиплес журналистлер А.Жуманиязов, К.Шамуратов, У.Реймов, Б.Ниязовлардан керекли мәсләҳәт алып, С.Хожаниязов, Н.Турабоев, О.Ражабова, Р.Йулдошева, О.Худайбергеновалар менен биргеликте редакцияда пидайылық үлгилерин көрсетип, мийнет етпекте.

Оның дөретиўшилик мийнетлериниң жемиси «Еркин Қарақалпақстан», «Адам ҳәм нызам» сыяқлы газеталарда да айқын көрине баслады. Қалалық, районлық, ҳәттеки республика көлеминдеги усындай бир қатар басылымларда қәбилетли фотохабаршы М.Шамуратовтың аты жийи-жийи шығатуғын еди.

2014-жылдан «Тараққиёт кўзгуси» (алдыңғы «Әмиўдәрья ҳақыйқаты») газетасының қосымша басылымы – «Мениң шаңарағым» атамасында айына бир мәрте шығарыла баслады. Махмуджан аға әжайып фотожурналист сыпатында бахытлы шаңарақлардың умытылмас мәўритлери мөрленген сүўретлери менен бул газетаны да безеў ҳәм таярлаўда айрықша хызмет көрсетти. Сондай-ақ, усы газетаға өзиниң тәжирийбе ҳәм билимлеринен, өмирдеги бақлаўларынан пайдаланған ҳалда газета оқыўшыларының талғамына сай келетуғын мақалалар таярлап берди. Газета бетлериндеги, amunews.uz сайтындағы оның фоторепортажлары, этюдлери, заманымыз қаҳарманлары ҳаққындағы сүўретлери халқымыздың кеўлинен мүнәсип орын ийеледи.

– Мийнет жолымның дерлик барлығын усы газета редакциясында фотохабаршы сыпатында өткергенимнен қуўанышлыман, -дейди М.Шамуратов. – Редакциядағы азлы-көп мийнетлерим, тапқан абырайым артынан усы дәрежеге жеттим, деп ойлайман. Егер инсан ҳадал мийнет етсе, ҳәмийше жақсы ислеўге умтылса, ертеме-кешпе ол абырай-мәртебеге ериседи.

Ол жемисли мийнетлери ушын «Өзбекстан Республикасы Конституциясының 30 жыллығы» көкирек белгиси, жоқары шөлкемлер тәрепинен Ҳүрмет жарлықлары, алғыснамалар менен сыйлықланған.

Бүгин Махмуджан аға 55 жасқа қараған болса да, еле қуўатлы. «Тараққиёт кўзгуси» газетасы бас редакторы Ғ.Ешниязов ҳәм редакциядағы кәсиплеслериниң айтыўынша, Махмуджан аға жәмийетлик жумысларда да белсене қатнасады. Өзи жасайтуғын Дослық мәкан пуқаралар жыйыны жанында жумыс алып баратуғын турақлы комиссия ағзасы сыпатында мәҳәлледе тынышлық, аўызбиршиликтиң сақланыўына мүнәсип үлес қосып келмекте. Сондай-ақ, редакция жанында шөлкемлестирилген «Жайҳун илҳамлары» мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң ағзасы болып, жас дөретиўшилер менен руўхый-ағартыўшылық илажлар шөлкемлестиреди, сүўрет түсириўге қызығыўшы жасларға өз кәсибиниң сырларын пуқта үйретип, мүнәсип шәкиртлер таярламақта.

Махмуджан ағаның мийнетсүйгишлигин оның қыйтақ жеринде қулпырып турған бағынан-ақ билиўге болады. Оның атызында инсан көзин қуўантатуғын жап-жасыл, ҳәр қыйлы палыз егинлериниң бир тегис шығып турғанын көрип ҳайран қаласыз.

Өмирлик жолдасы Инкаргүл апа менен биргеликте еки улды тәрбиялап, ел хызметине жарайтуғын инсанлар етип камалға келтирди. Олар да ата кәсибин таңлап, фотография тараўының барлық сырларын, қыйыншылықларын, соның менен бирге, өзине тән қызықлы тәреплерин әкесинен үйренди. Бүгинги күнде олар «Хумо» фото-видеостудиясының басқарыўшылары болып, халықтың қуўанышлы мәўритлерин, той-мерекелерин видео ҳәм сүўретке түсирип келмекте.

Биз фотожурналист Махмуджан Шамуратовты жақынлап қалған кәсиплик байрамымыз бенен қызғын қутлықлап, жумысларында дөретиўшилик табыслар тилеймиз.


М.Пирназарова,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы