Беруний районында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң басламасы менен Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Өзбекстан мусылманлары басқармасы жанындағы «Вақф» қайырқомлық фондының Қарақалпақстан бөлими республикамыздың Төрткүл, Беруний, Елликқала районларынан келген 150 ден аслам сөйлеў ҳәм еситиўинде нуқсаны бар, социаллық қорғаўға мүтәж жерлеслеримиздиң қәлбине қуўаныш бағышлаў мақсетинде «Сиз бизге керексизқайырқомлық илажын шөлкемлестирди.

Илажда шығып сөйлегенлер ҳәр бир пуқара илим-билим ийелеўге ҳақылы екенлиги, оларға ҳәр тәреплеме жәрдемлесиў ҳәм машқалаларын шешиў кереклиги айрықша атап өтилди. Елимизде динимиздиң раўажланыўы, халық мәплери, журт абаданлығы жолында әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққында сөз болды. Усы диний-ағартыўшылық илаж да алып барылып атырған қайырқомлық илажлардың даўамы екенлиги атап өтилди.

Илаж соңында қатнасыўшыларға «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик фондының саўғалары тарқатылды. Райондағы ықшам тойханада дастурхан жайылып, ас берилди.



Усындай диний-ағартыўшылық илажлар республикамыздың қала ҳәм районларында мәнзилли түрде өткерилип атырғаны атап өтилди.


Қарақалпақстан хабар агентлиги