Усы жыл 22-июнь күни Жоқарғы Кеңес Баслығы А.Орынбаев “Жаслар айлығы” шеңберинде Қанлыкөл ҳәм Шоманай районының белсенди жаслары ҳәм көше сәрдарлары менен ушырасты.

Ушырасыўда бүгинги күнде елимизде жасларға деген итибар, олардың қәбилетин ҳәм уқыплылығын жүзеге шығарыў ушын жаратып берилген шараятлар, кең мүмкиншиликлер ҳәм бул имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў бағдарында сөз етилди.


Мәмлекетлик сиясат дәрежесине жасларға деген итибар көтерилген бир ўақытта заманласлары арасында үлги боларлық нәтийжелерге ерискен, барлық тараўларда өзиниң күш-жигери, айрықша минез-қулқы, умтылыўшаңлығы, ең баслысы жаңа баслама ҳәм идеяларға бай екенлиги менен ажыралып туратуғын жаслар көпшиликти қурайды.

Ушырасыўда жасларға болған усындай итибардың жоқарылығы, онда Қанлыкөл ҳәм Шоманай районлары жаслары арасынан да бир қатар алдынғы жигит-қызлар жетилисип шығып атырғанлығы атап өтилди. Бул еки районда да бир қатар миллет ўәкиллери дос, татыў ҳәм аўызбиршиликте жасап келмекте. Көп миллетли халқымыз арасынан елимизге белгили, бәршемиз мақтаныш тутатуғындай жаслар камалға келип, жетилисип шыққан.

Ушырасыўда сондай-ақ, бүгингидей глобалласыў дәўиринде ең бийбаҳа байлық болған тынышлықты сақлаў, кеңпейил халқымызға тән аўызбиршиликти еле де беккемлеў, жасларға жаратып берилип атырған оғада кең көлемли имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, елимиздиң раўажланыўына биргеликте үлес қосыў керек екенлиги бойынша сөз етилди.



Ушырасыў соңында  заманласлары арасында үлги болып атырған бир қатар жаслар “Үмит ушқыны” көкирек белгиси ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.


Қарақалпақстан хабар агентлиги