Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 3 июньдеги “2023-жылдың өниминен бийдай сатып алыў ҳәм ишки базарда баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў илажлары ҳаққында”ғы  қарары тийкарында республикамызда бийдай орым-жыйыны жумыслары шөлкемлескенлик  пенен алып барылмақта.

Быйылғы жылы 59 мың гектар бийдай майданын қысқа мүддетлерде зая етпестен жыйнап алыў бойынша илажлар ислеп шығылды. Аймағымыздың климат жағдайын есапқа алған ҳалда дийқанларымыздың маңлай тери менен жетистирилген өнимди  12 июнь – 1 июль күнлери аралығында жыйнап алыў, оларды тасыў ҳәм атызларды тазалаў ушын талап етилетуғын 42,4 миллиард сум қаржының есап-санағы ислеп шығылды. Бул жумысларды системалы алып барыў мақсетинде 170 отряд шөлкемлестирилди. Оларға 170 дана комбайн, 510 дана жүк автомашинасы, 495 жуўапкер хызметкер бекитилди.

Буннан тысқары, дән кәрханаларының 16 дән қабыллаў шақапшасына тийисли 20 дана электрон тәрези, 210,7 мың тонналық дән сақлаў орны, 46 мың тонналық ўақтыншалық орын,  27,6 мың кв.метр асфальт майданшасынан пайдаланылмақта. Министрлер Кабинетиниң жоқарыда атап өтилген қарары менен тастыйықланған дислокация тийкарында аймақтағы 5 дән кәрханасы, туқымгершилик орайы системасындағы “Nukus best seeds” жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен быйылғы жылы 130 мың тонна өним қабыл етиў режелестирилген.











Нөкис районының фермер хожалықларындағы жумыслар менен жақыннан танысқанымызда, орым-жыйынның шөлкемлескенлик пенен алып барылып атырғанының гүўасы болдық. Райондағы 290 фермер хожалығы тәрепинен 6 мың 300 гектар майдандағы бийдайдан  12 мың 760 тонна өним алыў режелестирилген. Орым-жыйын жумыслары ҳәр жылдағыдай отряд усылында алып барылып, бул жумысларға 65 комбайн ҳәм дән тасыўшы техникалар қатнастырылмақта. Жетистирилген өнимди сепситпей зая етпестен жыйнап алыўдың барлық илажлары көрилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери