Нөкис қаласындағы «Жаслар технопарк»инде Олий Мажлис Сенаты жанындағы Жаслар Парламенти ағзаларының жаслар менен ушырасыўы болып өтти.

Оған республикамыздың жаслары менен бирге, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги, Орайлық банктиң Қарақалпақстан Республикасы Бас басқармасы, Жаслар ислер агентлиги ўәкиллери қатнасты.

Ушырасыўда жаслар тәрепинен Өзбекстан Республикасының «Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат ҳаққында»ғы нызамының жаслар турмысында тутқан орны ҳәм оны еле де жетилистириў бойынша усыныслар билдирилип, кең түрде додаланды.

Буннан соң парламент ағзалары ҳәм жаслар арасында ашық сәўбетлесиўлер өткерилди.





Илажда жаслардың мүрәжатлары тыңланып, оларды үйрениў бойынша тийисли шөлкемлерге жиберилди. Айырым жасларға ҳуқықый түсиниклер берилди. Ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар қадағалаўға алынды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы