Өзбекстан Республикасы Президенти саўлаўы алдынан Президентликке талабанлардың Қарақалпақстан Республикасы бойынша исенимли ўәкиллериниң орынларда өткерип атырған үгит-нәсият илажлары даўам етпекте.

Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясынан Президентликке талабан сыпатында көрсетилген Робахон Махмудованың исенимли ўәкили Нурлыбай Қайыпбергеновтың Беруний районындағы сайлаўшылар менен ушырасыўы болып өтти.

Онда елимизде болып өтетуғын әҳмийетли сиясий процессте сайлаўалды илажларының, келешекте мәмлекетимиздиң раўажланыўын, пуқараларымыздың абаданлығын тәмийинлеўдеги әҳмийети кең түрде үгит-нәсиятланды.

Сондай-ақ, Президентликке талабан Робахон Махмудова ҳаққында толық мағлыўматлар берилип, қатнасыўшыларға оның сайлаў алды бағдарламасы таныстырылды.





Ушырасыўда шығып сөйлеўшилер талабанның сайлаўалды бағдарламасын қоллап-қуўатлап, онда халықшыл идея бас мақсет етип қойылғанлығы айрықша атап өтилди. Болажақ  әҳмийетли сиясий, тарийхый илажда Робахон Махмудованың кандидатурасын қоллап-қуўатлайтуғынлығын атап өтип, басқаларды да қоллап-қуўатлаўға шақырып қалды.

Илажда қатнасыўшылардың пикир-усыныслары да тыңланып, олар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Орынларда усы мазмундағы ушырасыўлар даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги