«Қызылөзек» аўыл пуқаралар жыйынындағы  «Наўрыз» фермер хожалығында Шымбай, Қараөзек, Тахтакөпир, Кегейли, Нөкис ҳәм Бозатаў районлары ҳәкимлери, аймақтағы сектор басшылары ҳәм тийисли тараў қәнигелериниң қатнасыўында ғәлле орым-жыйынына бағышланған көргизбели семинар болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министри Зоҳиджан Зиёдуллаев, Ишки ислер министри Бахтияр Төребековлар шығып сөйлеп, гүзлик бийдай орым-жыйынын жеделлик пенен қысқа мүддетлерде жуўмақлаў бойынша өзлериниң пикирлерин билдирди.

Семинарда бир қатар район ҳәкимлери де шығып сөйлеп, өз аймақларында исленип атырған жумыслар, техникалардың мәўсимге таярлығы ҳәм комбайншыларды материаллық жақтан хошаметлеў бойынша алып барылған ислер ҳаққында мағлыўматлар берди.



Буннан соң комбайнлар фермер хожалығының ғәлле атызына түсип, жақсы нийетлер менен бийдай орым-жыйыны ислерин баслап жиберди.


А.Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги жетекши шолыўшысы