Орайлық сайлаў комиссиясының гезектеги мәжилиси болып өтти. Онда Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына байланыслы сайлаў бюллетениниң формасы, тексти ҳәм сыпатламасын тастыйықлаў, айырым сайлаў участкаларында сайлаў процесин видео-трансляциялаў бойынша қосымша илажларды белгилеў, сайлаўшыларды биометрикалық идентификациялаў системасын тәжирийбе-сынақ тәризинде енгизиў, халықаралық шөлкемлер ҳәм сырт мәмлекетлерден қатнасатуғын бақлаўшылар ҳәм жергиликли ғалаба хабар қуралларын аккредитациялаў ҳәм басқа да бир қатар мәселелер көрип шығылды.

Мәжилисти ОСК баслығы З.Низомхўжаев кирис сөз бенен ашып, елимизде болып өтетуғын әҳмийетли сиясий процесске барлық талапларға муўапық тәризде таярлық көрилип атырғанын атап өтти.

Буннан кейин ОСК секретариатының баслығы Худоёр Тешаев күн тәртибиндеги биринши мәселе бойынша баянат жасап, Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына байланыслы сайлаў бюллетениниң формасы, тексти ҳәм сыпатламасы менен таныстырды. Атап өткениндей, сайлаў бюллетени сайлаўшының даўысын тастыйықлаўшы ҳүжжет есапланады. Белгиленгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанлардың фамилиясы, исми ҳәм әкесиниң исми сайлаў бюллетенине, сайлаў участкасында даўысларды санап шығыў нәтийжелери ҳәм сайлаў округи бойынша сайлаў нәтийжелерин анықлаў ҳаққындағы протоколларға латын жазыўына тийкарланған өзбек әлипбеси тәртибинде киргизиледи.

Мәжилисте Президент сайлаўына байланыслы сайлаў бюллетениниң формасы, тексти ҳәм сыпатламасы тастыйықланды.








Сондай-ақ, мәжилисте айырым сайлаў участкаларында сайлаў процесин видео-трансляциялаў бойынша қосымша илажларды белгилеў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды. Бул бойынша ОСК ағзасы Алишер Исоқбоев баянат жасады.

Атап өтилгениндей, бүгин санлы технологиялар раўажланып атырған бир ўақытта сайлаў процесслеринде де олардың имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў әҳмийетли. Бул бағдарда Санлы технологиялар ҳәм Ишки ислер министрликлериниң қәнигелери менен биргеликте усыныслар ислеп шығылды. Сайлаў күни даўыс бериў процесин реал ўақыт режиминде (онлайн) видео-трансляциялаў мақсетинде республиканың барлық район ҳәм қалалары аймағында жайласқан еки сайлаў участкаларында видеокамера ҳәм басқа да зәрүр қурылмалар орнатыў бойынша анық илажлар белгилеп берилди ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.

Мүддетинен бурын болып өтетуғын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында даўыс бериў процесине санлы технологияларды енгизиў мақсетинде сайлаў өткеретуғын 14-Ташкент қалалық округлик сайлаў комиссиясының усынысына участкаларда сайлаў күни сайлаўшыларды биометрикалық идентификациялаў системасы тәжирийбе-сынақ тәризинде енгизилмекте. Мәжилисте тәжирийбе-сынақ тәризинде айырым сайлаў участкаларында сайлаўшыларды биометрикалық идентификациялаў тәртиби тастыйықланды ҳәм қарар қабыл етилди.

Мәжилисте ОСК ағзасы С.Қурбонқуловтың Президентлик сайлаўға таярлық көриў дәўиринде физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден келип түскен мүрәжатларды көрип шығыў нәтийжелери ҳаққындағы мәлимлеме тыңланды. Атап өтилгениндей, усы жылы 10-майдан 5-июньға шекем Орайлық сайлаў комиссиясына физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден жәми 63 мүрәжат келип түскен. Ең көп мүрәжатлар Қашқадәрья ўәлаяты ҳәм Ташкент қаласынан келген. Мүрәжатлардың 32сине тийисли түсиниклер берилген болса, 23 и ОСК ўәкиллигине байланыслы болмағаны себепли, тийисли шөлкемлерге жиберилген.

Буннан тысқары, мәжилисте мүддетинен бурын болып өтетуғын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында халықаралық шөлкемнен қатнасатуғын бақлаўшыларды аккредитациялаў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды. ОСКның қарары менен ЕҚБШ, ДИИҲБ, ҒМДА сыяқлы бақлаўшы миссиялардың 43 ўәкили аккредитациядан өткерилди. Енди жәми аккредитациядан өткерилген халықаралық бақлаўшылар саны 55 ке жетти.

Сондай-ақ, жергиликли ғалаба хабар қуралларының ўәкиллерин аккредитациядан өткериў ҳаққындағы мәселе де көрип шығылды. Орайлық сайлаў комиссиясына келип түскен мүрәжатлар тийкарында 25 ғалаба хабар қуралының 124 ўәкили аккредитациядан өткерилди. Ҳәзирги күнге шекем аккредитациядан өткен ҒХҚ ўәкиллериниң саны 353ти қурамақта.

Мәжилис даўамында  Президентлик сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша 2-Әндижан, 3-Бухара ҳәм 9-Сурхандәрья округлик сайлаў комиссиясы баслықларының сайлаўға таярлық көриў және оны жоқары шөлкемлестириўшилик дәрежеде өткериў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққындағы мәлимлемелери тыңланды. Мәжилисте көрип шығылған мәселелер додаланып, тийисли қарарлар қабыл етилди.

Муҳтарама  КОМИЛОВА,

ӨзАның хабаршысы