Елликқала районында быйылғы жылдың ғәлле өним орып, жыйнап алыў илажлары баслап жиберилди. Райондағы Гүлдирсин аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Дошқалъа илғори» фермер хожалығында шөлкемлестирилген әмелий семинарда район ҳәкими С.Авезов, райондағы сектор басшылары, аўыл хожалығы ўәкиллери, фермер хожалықларының басшылары ҳәм орым-жыйынға арнап шөлкемлестирилген 15 отрядтың ағзалары қатнасты.

Тийкарғы итибар ғәллени орып, жыйнап алыў ҳәм сатыўда жаңа системаның ашық-айдынлығын,  зүрәәттиң сапасы, фермер хожалықларының мәпдарлығын тәмийинлеў, ишки базарда ун ҳәм дән өнимлериниң баҳасы өсиўиниң және қытшылығының алдын алыў сыяқлы мәселелерге қаратылды. Сондай-ақ, семинар даўамында техникалардың мәўсим алдынан техникалық тексериўден өткерилгени, өртке қарсы әсбап-үскенелер менен тәмийинленгени, отряд ағзаларының айрықша жағдайларда ҳәрекетлениў, қәўипсизлик бойынша билим ҳәм көнликпелери тексериўден өткерилип, комбайнлардың ҳәр бир жумыс сааты қадағалаўда екенлиги, жумыстың нәтийжелилиги талқыланып барылатуғынлығы ҳәм усыған қарап жумысшылар хошаметленетуғыны атап өтилди.



Орынларда жетистирилген зүрәәтти қысқа мүддетте жыйнап алыў мақсетинде районда 15 отряд шөлкемлестирилип, оларға 41 жуўапкер бириктирилди. Отрядларға 20 комбайн, 35 дән тасыў автомобили, 60 трактор тиркемеси 15 көшпели оңлаў устаханасы ҳәм 15 жанылғы майлаў материалларын тарқатыў қураллары тапсырылды.



Қарақалпақстан хабар агентлиги