Жаслар айлығы шеңберинде «Жаңа Өзбекстан жаслары бирлесейик» сүрени астында Тахтакөпир районындағы 1-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде мәҳәллелердеги 18-30 жас аралығындағы жаслар арасында спорттың волейбол түринен жарыс өткерилди.




Кескин ойынларға бай болған беллесиўлер жуўмағында, 1- орынды Тахтакөпир  посёлкалық пуқаралар жыйыны жаслары ийелеген болса,  2-орын Дәўқара елатының командасына,  сыйлы  3-орын Айдын жол мәкан пуқаралар жыйыны жасларына несип етти.

А.Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги жетекши шолыўшысы