Китап жаңалығы

Қарақалпақстан халық шайыры, Өзбекстанға мийнети сиңген журналист,  – Халила Дәўлетназаровтың жақында ғана баспа жүзин көрген «Шөлиркеў» атамасындағы қосықлар ҳәм поэмалардан ибарат гезектеги поэзиялық топламы көп санлы китапқумарлардың нәзерине усынылмақта.

Буннан бурынғы жылларда да бир нешше китаплары басып шығарылып, халқымыз кеўлинен кең орын алған шайырдың соңғы топламы аралары бираз алшақ, яғный  2011-жылы «Ашық болып жасаң» деген ат пенен жәрияланған.

Мине, соннан берли де арадан 12 жыл ўақыт өтипти. Қосықлары менен күнделикли баспасөзде ямаса радио-телевидениеде көринип жүриў басқа да, оның жыйнақлы түрде китап ҳалында ықласбентлер қолына жетип барыўы басқа. Буның себеби, автордың усынатуғын шығармаларының кемлигинен болмаса керек. Егер, ондай болғанда бүгинги қолыңыздағы китап бундай дәрежеде көлемли болмаған болар еди. Жоқарыда сөз етилгениндей, қәлем ийеси усы өткен жыллар даўамында көплеген қосықлар, поэмалар дөреткен. Оларда, әсиресе, шайырлар – өз заманы, өз орталығы, өзине тәсир жасаған, өз әтирапында жүз берген ўақыялар, қубылыслар туўралы қағазға көбирек салады, ямаса шығармаларында сәўлелендирип барады. Х.Дәўлетназаров поэзиясы да әйне, тап сондай.

Ал, жаңа китап, ондағы қосықлар, поэмалар туўралы бир-еки аўыз айтып өтетуғын болсақ, аты затына сай дегендей, тәбият пенен инсан руўхый дүньясының үйлесиўи қосық қатарларында өзиниң жарқын сәўлелениўин таўып, образлылық пенен сөз етилгениниң гүўасы боламыз.

Топламға ҳәр қыйлы тематикадағы қосықлар менен бир қатарда «Суў қосықлары», «Батырлар» ҳәм «Аспан-Аспан» эко-публицистикалық поэмалары киргизилген. Атамаларынан көринип турғанындай, дерлик, барлық шығармаларында да тәбият ҳәм инсан экологиясы дыққатқа алынған ҳәм алға қойылған мақсетке белгили дәрежеде ерсилген. Шайырдың ҳаўазы – халықтың ҳаўазы. Ол усы ҳаўазды сөзлер-қосықлар арқалы қайта жаңғыртыўшы. Оның сүрен салып күйип-жанып айтқан сөзлери китап ҳалында кең оқыўшылар журтшылығына усынылып атырған екен, оған көз жуўыртып кеўиллерине қандай да бир ой-пикирлерди түйген болып, жақсылыққа, ийгиликли ислерге  нық қәдемлер таслаған болсын.

Шайыр Төлепберген Мәтмуратовтың: «Сәлем Сизге поэзия қуштары, Өлсек бизди тирилтпей ме үш дәри, Поэзия, муҳаббат ҳәм ҳадаллық, Ал, оларсыз жасағаның пуш бәри!», – деп жазып кеткениндей, ҳәр бир Ўатанласымыздың китаплар менен, поэзия менен, муҳаббат ҳәм ҳадаллық пенен ҳәмдам болып, кеўиллерин, өмирлерин гөззаллыққа бөлеп жасаўын тилеп қаламыз.

Китап «AVANCARD-BASPA» баспасы жәмәәти тәрепинен таярланып, «NUKUS FARMA PRINT» ЖШЖ типографиясында жоқары сапада көркем етип басып шығарылған.

 

Чаржаў ЕЛМУРАТОВ.

Қарақалпақстан хабар агентлиги