Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Студентлер бәҳәри» ҳәм «Жаңа Өзбекстан – жаслар мәмлекети» фетивалы шеңберинде барлық факультетлердеги қызлар арасында Студентлер жатақханасында «Жас аспазлар» таңлаўы өткерилди.

Таңлаў шәртлерине бола, ҳәр бир қатнасыўшы бир миллий тағам ҳәм салат таярлаў бойынша өз шеберликлерин көрсетти.

Қарақалпақстан Аспазлар аўқамының бас аспазы Ж.Әметов ҳәм жәрдемши аспаз Н.Ережеповалар төрешилер сыпатында қатнасыўшылардың тағам таярлаў процесин бақлап барды.





Сыйлы биринши орын Химия-технология факультетиниң, екинши орын Математика ҳәм үшинши орын Қарақалпақ филологиясы менен Өзбек филологиясы факультетлериниң жас аспазларына несип етти. Жеңимпазлар университет ректораты тәрепинен диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.




Қарақалпақстан хабар агентлиги