Шымбай районындағы 14-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан  Жазыўшылар аўқамы ағзасы, жазыўшы Нағыйма Жаңабаеваның 60 жасқа толған юбилей кешеси өткерилди.

Онда  «Шымбай ҳаўазы» газетасының бас редакторы А.Утениязова, районлық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими бас қәнигеси А.Сейтенов, районлық Мәлимлеме китапхана орайы библиография хызмети баслығы Т.Абатовалар шығып сөйлеп, Н. Жаңабаеваны юбилей сәнеси менен қутлықлады. Соның менен бирге, баянатшылар тәрепинен жазыўшының басып өткен өмир жолы ҳәм дөретиўшилик мийнетлери ҳаққында кең түрде сөз етилип, оның дөретпелери өсип киятырған жас әўлад ушын тәрбия сабағы екенлигине тоқтады.

Сондай-ақ, кешеде шөлкемлестириўшилер тәрепинен жазыўшы Н.Жаңабаеваға естелик саўғалары тапсырылды.

Илаж даўамында райондағы улыўма орта билим бериў мектерлеринде ислеўши үгит-нәсиятшылар ҳәм оқыўшы жаслар тәрепинен таярланған кешеге арналған сахналық көринислер ҳәм концерт бағдарламасы қойып берилип, бул илаж қатнасыўшыларына айрықша заўық бағышлады.



А.Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги жетекши шолыўшысы