Шымбай районындағы 17-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде 1-июнь-Халықаралық балаларды қорғаў күни мүнәсибети менен «Балаларға бериң дүньяны» атамасында байрам кешеси өткерилди.

Онда мектеп директоры Ж.Алиева шығып сөйлеп, кеше қатнасыўшыларын байрам менен қутлықлады.

Буннан соң кешеде мектептиң талантлы оқыўшылары тәрепинен таярланған саз-сәўбетли театрластырылған байрам бағдарламасы қойып берилип, бул илаж қатнасыўшыларына өзгеше қуўаныш бағышлады.







Кеше соңында байрамды өткериўде өзиниң белсендилигин көрсеткен ҳәм быйылғы оқыў жылын үлгили баҳаларда оқып жуўмақлаған оқыўшылар  мектеп ҳәкимшилиги тәрепинен Ҳүрмет жарлығы ҳәм әдебий китаплар менен сыйлықланды.

А.Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги жетекши шолыўшысы