Глобалласыў процесслери жедел пәтлер менен әмелге асырылып атырған бүгинги күнде жаслардың тәлим-тәрбиясы ҳәм қызығыўшылықларына итибарды күшейтиў елимиздиң келешеги ҳәм халқымыздың абаданлығын тәмийинлеўге хызмет етеди. Соңғы жылларда олардың излениўлери ҳәм қәбилетлерин қоллап-қуўатлаў елимиз сиясатының тийкарғы бағдарларынан бирине айланған.  Елимиз жасларын терең билим алыўы менен бирге өз қәбилетлерин кеңнен жүзеге шығарыўы ушын барлық шараятлар жаратылмақта.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети телерадиожурналистика қәнигелигиниң питкериўши курс студенти Гүлмира Урынбаева да усындай шараятлардан нәтийжели пайдаланып атырған студент-жаслардан бири. Ол фотография тараўына қызығыўшы, жас ҳәўескерлердиң бири.

– Оқыйман, изленемен, деп өз алдына мақсетин анық қойған инсан, әлбетте, әрманларының орынланыўына ериседи, -дейди Гүлмира Урынбаева. – Күшли билимге ийе, талапшаң студент-жасларымыз ушын бүгинги күнде елимизде биймәлел билим алып, жетик қәниге болып жетисиў имканияты жетерли. Мен келешекте  Мақсет Ҳабийбуллаев ҳәм басқа  шебер фотохабаршылардай болыўды нийет еткенмен.

Жас фотографтың сезимлерге толы фотосүўретлерин улыўма бир идея бирлестиреди. Оларда тамашагөйлерге ҳәр бир көринистиң өзине тәнлигин көрсетиў, заманагөй Өзбекстанның күнделикли турмыста көринбейтуғын, бирақ әжайып, таң қаларлық тәреплерин жеткериў арқалы елимиздиң гөззаллығын сәўлелендирген.




















Қарақалпақстан хабар агентлиги