Республикамыздағы жоқары оқыў орынларында Жаслар агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен «Жаңа Өзбекстан жаслары, бирлесейик!» сүрени астында өткерилип атырған «Студентлер бәҳәри» ҳәм «Жаңа Өзбекстан – жаслар мәмлекети» фестивалы даўам етпекте.

Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институтында фестиваль шеңберинде «Депутат ҳәм жаслар» ушырасыўы болып өтти.

Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Аграр, суў хожалығы, тәбиятты қорғаў ҳәм экология мәселелери комитетиниң баслығы Д.Утамбетов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, елимизде соңғы жылларда әмелге асырылып атырған реформалар, әсиресе, студент-жаслар ушын жаратылып атырған қолайлықлар, мүмкиншиликлер, шараятлар ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Студент-жаслар елимизде исбилерменлик пенен шуғылланыўы, оқыўы, илим менен шуғылланыўы ушын жаратылған усындай мүмкиншиликлерден тек ғана утымлы пайдаланыўы, өзлериниң дурыс жолын табыўы, елге пайдалы инсанлар болып жетилисиўи ушын ҳәрекет етиўи керек.

Ушырасыўда жаслардың пикир-усыныслары тыңланып, олар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги