Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институтында «Жаңа Өзбекстан жаслары, бирлесейик!» сүрени астында өткерилип атырған «Студентлер бәҳәри» фестивалы шеңберинде «Жас аспазлар» таңлаўы болып өтти.

Таңлаўға ҳәр бир факультеттен бир ер бала ҳәм бир қыз бала қатнасып, олар палаў писириў ҳәм ҳәр қыйлы салатларды таярлаўдағы аспазлық шеберликлерин көрсетиўге ҳәрекет етти.

Қатнасыўшылардың аспазлық мәденияты, тағамды таярлаў, безеў қағыйдалары төрешилер тәрепинен баҳаланып барылды ҳәм таңлаў жуўмағында жеңимпазларға диплом ҳәм саўғалар тапсырылды.

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының студент-қызлары арасында да усы фестиваль шеңберинде «Жас аспазлар» таңлаўы өткерилди



Бул таңлаўға институттың ҳәр бир факультетинен бир-бирден студент-қызлар қатнасты.

Жаслар аўқат писириў ҳәм салат таярлаў бойынша өзлериниң аспазлық шеберликлерин ҳәм таярлықларын көрсетиўге ҳәрекет етти.

Таңлаў жуўмағында жеңимпазлар анықланып, сыйлықланды.


Қарақалпақстан хабар агентлиги