Қарақалпақтан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институтында да «Студентлер бәҳәри» ҳәм «Жаңа Өзбекстан-жаслар мәмлекети» фестивалы шеңберинде бир қатар илажлар өткерилмекте.

Институтта усы жыл 1-июнь күни фестиваль шеңберинде «Үш әўлад ушырасыўы» илажы болып өтти.

Онда жоқары билимлендириў тараўының аўыл хожалығы бағдары бойынша узақ жыллардан берли усы институтта ислеп,  шәкиртлер таярлап киятырған устазлар менен сәўбетлесиў шөлкемлестирилди.

– Инсан қәдири улығланып атырған елимизде бундай ушырасыўлардың шөлкемлестирилиўи студент-жаслардың руўхый дүньясының байыўына,  мәмлекеттиң келешеги ушын жуўапкершилигин сезиниўине ийтермелейди,-дейди усы институттың баспасөз хаткери М.Пирниязова.

Студент-жаслар менен өткерилген ушырасыўда институтымызда аўыл хожалығы тараўына маман қәнигелерди жетистирип бериўде узақ жыллардан берли мийнет етип киятырған устазлар өсимликлерди қорғаў ҳәм карантин бағдары бойынша Т.Өсербаева, дийқаншылық бағдары бойынша Қ.Айтбаевлар ҳәм олардың шәкиртлери Н.Шамуратова,  Н.Тәжетдинов,  М.Турымбетовлар қатнасты.



Көпти көрген нуранийлердиң өмири ҳәм мийнет жолы жаслар ушын ҳәмийше өрнек,  тәжрийбе мектеби сыпатында хызмет етеди.

Сондай-ақ фестиваль шеңберинде «Заковат» ойынлары шөлкемлестирилди.

Интеллектуаллық ойында институттың Эверест, Легенда, Ренесанс, Бренд командалары өз-ара беллести.


«Мунозара» таңлаўында «Перзент тәрбиясында устаздың роли ата-ана ролинен жоқарылаў» деген мәселе үстинде өз-ара пикир алысыўлар өткерилди. Ҳәр бир қатнасыўшы еркин пикир-усынысларын билдирип, белсене қатнасыўға ҳәрекет етти.

Сондай-ақ, усы күни 2003-жылдан берли институттың қарақалпақ, өзбек ҳәм шет тиллери кафедрасында жумыс ислеген нураный устаз, филология илимлериниң кандидаты  Қутлымурат Алланазаровтың жағдайынан хабар алынды.



Нураный устаз студент жасларға институтта ислеген дәўири, илимий жумыслары ҳәм елимиздиң ертеңги келешеги болған  жаслар ушын жаратылған имканиятлар ҳаққында сөйлеп берди. Студент-жаслар  устаздың үй алды қыйтақ жериндеги жумысларды ислеп, өз жәрдемлерин көрсетти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги