Усы жыл 1-июньнен баслап республикамыздың барлық жоқары оқыў орынларында Жаслар агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен «Жаңа Өзбекстан жаслары, бирлесейик!» сүрени астында «Студентлер бәҳәри» ҳәм «Жаңа Өзбекстан – жаслар мәмлекети» фестивалы басланды.

Усы фестиваль шеңберинде Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Үш әўлад ушырасыўы» болып өтти.

Онда студент-жаслар Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист, шайыр Алтынгүл Өтениязова, Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артист Байрам Пердебаев, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, жас шайыр Аллаяр Дәрменовлар менен ушырасып, олардың дөретиўшилик жолы, шығармалары ҳаққында сәўбетлести.

– Фестиваль шеңберинде факультетлер арасында «Дебат» интеллектуаллық ойыны да шөлкемлестирилди,-дейди институттың баспасөз хаткери И.Матеков.

Онда студент-жаслар «Тастыйықлаўшы» ҳәм «Бийкарлаўшы» позицияларда аралықтан оқытыў ҳәм дәстүрий оқыў, телевидение ҳәм спектакльлердиң әҳмийети, сондай-ақ, басқа да бир неше темалар бойынша өзлериниң логикалық пикирлеўи, ораторлық шеберликлерин сынақтан өткерди.



Жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерине саўғалар тапсырылды.

Фестивальда балалар да итибардан шетте қалмады

Институттың жаслар аўқамы ҳәм студентлер кеңесиниң жетекшилери фестиваль шеңберинде, 1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Көп тармақлы балалар медициналық реабилитациялық орайында болып, бул жердеги балаларға байрам саўғаларын тапсырды.



Студентлер балалар менен сәўбетлесип, биргеликте ҳәр қыйлы ойынлар шөлкемлестирилип, балалар кеўилли дем алды.

Сондай-ақ,  «Заковат» интеллектуаллық ойыны бойынша «Ректор кубоги» жарысы өткерилди.

Алдын  усы жылдың март, апрель ҳәм май айлары даўамында институтта «Заковат» интеллектуаллық ойыны бойынша улыўма 5 турдан ибарат болған «Ректор кубоги» жарыслары болып өткен еди.

Фестиваль шеңберинде жарыстың жуўмақлаўшы басқышы өткерилди.

Оған ҳәр бир факультеттен еки командадан қатнасты.


Турнирдиң уставына муўапық, жеңимпаз (1-орынды ийелеген) команданың ҳәр бир ағзасына базалық стипендия муғдарының 2 есеси,  2- ҳәм 3-орынларды ийелеген командалардың ҳәр бир ағзасына базалық стипендия муғдарының 1 есеси муғдарында қаржылай сыйлықлар берилиўи белгиленген.

Физика-математика илимлериниң кандидаты Зәрипбай Сапаров институтымызда ислеген мийнет жолы даўамында көплеген илимпазлардың, педагоглардың устазы болып, билимлендириў тараўының раўажланыўына салмақлы үлес қосқан еди.

Фестиваль шеңберинде бир топар жаслар нураный устаздың жағдайынан хабар алып, байрам саўғаларын тапсырды.

Жаслар устаз бенен сәўбетлесип, өмир жолы, билимлендириўге қаратылып атырған итибар ҳаққында пикирлести.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги