1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни мүнәсибети менен Нөкис районында да байрам илажлары шөлкемлестирилди.

Райондағы «Едиге» дем алыў бағында байрам кешеси болып өтти.

Кешеде районы ҳәкимлигинен, тийисли мәкеме ҳәм шөлкемлерден ўәкиллер қатнасып, шығып сөйлеп, балаларға жақсы тилеклерин билдирди ҳәм өз саўғаларын тапсырды.

Атап өтилгениндей, балалар – өмиримиздиң даўамшылары, елимиздиң келешеги.

Мине, усы күнди аўылдың кишкене балалары асығыслық пенен күтеди. Бул күн балаларға қуўаныш бағышлайтуғын байрам болып қалмастан, кишкене балалардың ҳуқықын қорғаў, оларға ғамқор болыў, денсаўлығына, қәўипсизлигине ҳәм  шараятларына итибар каратылатуғын күн.

Байрам илажында балалар қосықлар айтып, ойнап кеўилли дем алды.








Әлбетте, балаларға берилген меҳир, жақсы тәрбия, сиңдирилген жақсы қәсийетлер бийкарға кетпейди. Бул нәрсе олардың айдын келешегине тийкар жаратыўға хызмет етеди.

 

Әсем Есенгелдиева,

ҚМУ Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети, Мәлимлеме хызмети тәлим бағдарының 1-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги