Өзбекстан жаслар аўқамы, Мәденият министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Минисрлер Кеңеси ҳәм тағы басқа да шөлкемлер менен биргеликте «Жаслар – келешек қурыўшысы!» сүрени астында өткерилген «Жаслар фестивальлары» шеңбериндеги илажлар усы жылдан баслап дәстүрий тәризде ҳәр қыйлы бағдарларда март-август айлары даўамында республикамыздың барлық  қала ҳәм районларында өткерилмекте.

Фестиваль  4 басқышта өткерилип, жергиликли, аймақлық ҳәм республикалық басқышларда жеңимпаз болған жаслар усы жыл август айында Ташкент қаласында өткерилетуғын сыйлықлаў мәресимине қатнасады.

Усы жыл 12-20-апрель күнлери республикамыздың барлық қала ҳәм районларында аралығында фестивальдың районлық басқышлары өткерилип, онда «Жас қосық атқарыўшылар», «Жаслар халық сазлары ансамбльлери ҳәм оркестрлери», «Студентлер театр студиялары» бағдарларында таңлаўлар өткерилип, оған  орта арнаўлы улыўма билим бериў мектеплериниң, кәсип-өнер колледжлери ҳәм академиялық лицейлердиң, жоқары оқыў орынларының студент-жаслары менен бир қатарда, кәрхана, шөлкемлерде мийнет етип атырған жаслар, сондай-ақ, жас әскерий хызметкерлер, мәҳәллелерде жасайтуғын барлық жаслар қатнасты.

17-апрель күни Қараөзек районындағы 16-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде усы фестивальдың районлық басқышы   өткерилди.

Онда жас талант ийелери «Жас қосық атқарыўшылар» бағдарында  дәстүрий (классикалық), академиялық (опера), бақсышылық ҳәм эстрада атқарыўшылығы бағдарлары бойынша өз талантларын көрсетти.

– Фестивальға балалар 7 жастан баслап қатнаспақта. Олардың арасында алыс аўыллардан келген жас талант ийелери қалалық музыка мектебинде оқып атырған балалардан қалыспайтуғынлығын дәлийллеп атыр. Олардың талантын көрип көзиң қуўанады, шынында да, оларды «Жаслар келешек қурыўшысы!»-деп айтқың  келеди. Жаслар елимизде жаратылып атырған имканиятлардан үнемли пайдаланып атыр, – дейди Өзбекстан Жаслар аўқамы районлық кеңесиниң баслығы Ғайрат Қудайбергенов.

Онда өз заманласларынан айрықша деп табылған Гүлзара Абдибаева (бақсышылық), Музаффар Жақсыбаев (эстрада), Маржанай Аллиярова (академиялық вокал)лар, «Жаслар халық сазлары ансамбли» фестивалында районлық 16-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң халық сазлары оркестри жәмәәти жеңимпаз деп табылып, республикалық басқышқа жоллама алды.

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Фестивальдың жоқары оқыў орынлары студентлери арасында өткерилетуғын «Студентлер театр студиялары» фестивалы усы жыл 24-апрель күни пайтахтымыздағы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында өткериледи.

Фестивальдың республикалық басқышы май айында өткериледи.

Бул ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўматлар берип барамыз.

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы