Мине, 2022-2023-оқыў жылы да жуўмақланып, елимиз бойлап барлық улыўма билим бериў мектеплеринде соңғы қоңыраўлар қағылып,  муғаллимлердиң оқыўшыларға берген билими ҳәм тәрбиясының нәтийжелерин, оқыўшылардың жыл даўамындағы жетискенликлерин көриў, есап-санақ етиў ўақты да келди.

Президентимиздиң Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған мүрәжатында, 2022-жылдың жуўмақлары талқыланып, 2023-жылда алып барылатуғын илажлардың ең әҳмийетли бағдарларын белгилей отырып, 2023-жылды «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў» жылы деп белгилеўди усыныс еткен еди.

Биз, усы мүрәжатта белгиленген ҳәм мектеп билимлендириў тараўын реформалаў ҳәм раўажландырыў бойынша тараўда әмелге асырылған илажлар ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Ахмет Наримбетов пенен сәўбетлесип, қызықтырған сораўларымызға жуўап алдық.

– Республикамызда бүгинги күнде қанша мектеп бар ҳәм оларда қанша оқыўшы билим алмақта?

– Президентимиз Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған мүрәжатында, «Билимлендириўдиң сапасын арттырыў – Жаңа Өзбекстанды раўажландырыўдың бирден-бир дурыс жолы», деп көрсетип өткен еди.

Өзлериңизге белгили, Бул бағдарда муғаллимлердиң жәмийеттеги абырайын арттырыў, келешегимиз болған жас әўладқа сапалы билим бериў, жаңа әўлад сабақлықларын жаратыў, оқыўшы жасларды кәсип-өнерге бағдарлаў,  билимлендириў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, оқыў-тәрбия жумысларын сапалы шөлкемлестириў бойынша бир қатар ўазыйпалар белгиленди.

Бүгинги күнде министрликке қараслы 721 улыўма билим бериў мектеплери (соннан: 4 арнаўлы мектеп-интернат, 1 санатория типиндеги мектеп-интернат) жумыс алып бармақта.

2022-2023-оқыў жылында жәми 356516 оқыўшы, соннан, 1-класста 39238, 2-4-классларда 104950, 5-11-классларда 212328 оқыўшы билим алды.

Мектеплеримизде оқыў тәлими қарақалпақ (35,3%), өзбек (43,5%), қазақ (5,5%), рус (12,8 %) ҳәм түркмен (2,9%) тиллеринде алып барылады.

– Мектеплерде муғаллимлер ҳәм оқыўшылар ушын шараятлар жаратыў, мектеплердиң заманагөй, соңғы стандарларға жуўап бериўи ушын қандай жумыслар исленди?

– Cоңғы 5 жыллықта республикамызда 129265 мектеп қуўатлылығына ийе билимлендириў мәкемелеринде тәлим бериўдиң сапасын жақсылаў, оқыўшыларға заман талабына сай шараятлар жаратып бериўде 624,1 миллиард сумлық қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылды.

Атап айтқанда, 4286 оқыўшыға мөлшерленген 15 жаңа мектеп,
22647 оқыўшы оқыйтуғын 112 мектепке қосымша имарат ҳәм
82336 орынлық 143 мектепте капитал оңлаў жумыслары алып барылды. Соны да айтып өтиў керек, реконструкциялаў жумыслары есабынан 27 спорт зал жаңадан қурып берилди.

Өткен 2022-жылда республикамызда 217,4 миллиард сумлық инвестициялық бағдарлама тийкарында 23 мектеп, Президент сапарындағы тапсырмалар бойынша 24 мектеп, «Абат аўыл» бағдарламасы тийкарында 8 мектеп ҳәм Министрлер Кабинетиниң арнаўлы қарары тийкарында 13 мектеп филиалларында реконструкциялаў ҳәм капитал оңлаў жумыслары алып барылып, олар мебель, оқыў-лабораториялық әсбап-үскенелери ҳәм спорт инвентарлары менен тәмийинленди.

Тараўдағы 721 улыўма орта билим бериў мектеби интернет тармағына жалғанып, 719 мектеп оптикалық талшықлы байланыс линиялары арқалы жоқары тезликтеги интернет тармағына қосылды Ал, алыс аймақта жайласқан мектеплердиң қуяш панеллери жәрдеминде электр энергиясы менен тәмийинлениўи жолға қойылып, 2 мектеп спутник арқалы интернет тармағына байланыстырылды.

Мектеплеримизди заманагөй компьютерлер менен тәмийинлеў бағдарында да бир қанша жумыслар алып барылмақта. Атап айтқанда, 2022- жылдың апрель-май айларында Корея Республикасының Эксимбанки грантлары тийкарында 75 мектеп, республика бюджети қаржыларының есабынан 55 мектеп, жергиликли бюджет қаржыларының есабынан 86 мектеп заманагөй компьютер техникалары менен тәмийинленди.

Ҳәзирги күнде 282 мектептеги тозыўы жеткен компьютер техникаларын заманагөй компьютерлерге алмастырыў режелестирилмекте.

– Баслаўыш класс оқыўшыларының аўқатланыўын шөлкемлестириў қай дәрежеде болды?

– Президентимиздиң басламасы менен республикамыздағы баслаўыш класс оқыўшыларын саламат аўқатландырыў бойынша 2023-жылға 135,1 миллиард сумлық қаржы ажыратылып, январь-май айлары ушын  усы күнге шекем 63,1 миллиард сум муғдарындағы қаржыға шәртнамалар дүзилди. 1-4-класс оқыўшыларына январь-февраль айларында жеткерип берилген азық-аўқатлық өнимлери ушын бүгинги күнге келип 29,0 проценти қаржыландырылды. Ҳәзирги күнде Кейтеринг хызметин көрсетиўши шөлкемлер тәрепинен 143 мың 577 баслаўыш класс оқыўшылары ушын азық-аўқатлық өнимлери сапалы ҳәм толық жеткерип берилмекте.

Сондай-ақ, Ѳзбекстан Республикасы бюджети тәрепинен қаржыландырылатуғын мектеп билимлендириў тараўындағы педагог хызметкерлериниң мийнет ҳақы ҳәм оған теңлестирилген төлемлери ушын 2023-жылға 1,7 триллион сум қаржы ажыратылды ҳәм директор фонды ушын ажыратылған қаржылар 158,0 миллиард сумды қурады. Қарақалпақстан Республикасы жергиликли бюджети қаржылары есабынан мектеп билимлендириў тараўына 436,8 миллиард сум, соның ишинде 23,7 миллиард сум қаржы кадрлар таярлаў бағдары ушын ажыратылды.

Соның менен бирге, усы оқыў жылында мектеп оқыўшыларына
3 миллиан 397 мың 562 (100%) сабақлық ҳәм методикалық қолланбалар жеткерип берилди. Келеси оқыў жылында оқыўшыларымызға 4,9 миллион дана сабақлық ҳәм 98 мыңнан аслам методикалық қолланбаларға буйыртпа берилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2023-жыл 9-февраль күнги арнаўлы қарары тийкарында 544,8 миллион сум қаржы ажыратылып ҳәм министрлик тәрепинен қарақалпақ тилиндеги 10 атамадағы әдебий китапларды сатып алыў ушын жумыслар әмелге асырылмақта.

  • Оқыўшыларымыздың быйылғы жетискенликлери туўралы мағлыўмат берсеңиз.
  • Өткен оқыў жылында 9-класста 28569 оқыўшыдан
    1433 питкериўшиге айрықша дәрежели шаҳодатнама, 74 питкериўшиге сертификат, 11-класстағы 969 оқыўшыдан 152 питкериўшиге гүмис медал, 485 питкериўшиге алтын медаллар менен бирге аттестатлар тапсырылды.

Сондай-ақ, улыўма билим бериў мектеплери питкериўшилерин жоқары оқыў орынларына қамтып алыў дәрежеси алдынғы жылларға салыстырғанда 12,0 проценттен 31,9 процентке өсти.

  • Муғаллимлердиң жумыс нәтийжелилигин арттырыў, оларға шараятлар жаратыў бойынша нелер исленбекте?
  • Бүгинги күнде тараўда 37297 муғаллим оқыўшы-жасларға билим сырларын үйретип келмекте. Соның 74 проценти ҳаял-қызлардан ибарат.
    Педагогларымыздың 93,6 проценти жоқары мағлыўматлы.

Өткен жылларға салыстырғанда, ҳүкиметимиз тәрепинен бир қатар жеңилликлердиң берилиўи нәтийжесинде тараўдағы орта арнаўлы мағлыўматлы педагоглар сезилерли дәрежеде азайыўына ерисилди.

Жоқары оқыў орынлары питкериўшилери менен үш тәреплеме шәртнама дүзиў арқалы билимлендириў мәкемелериндеги кадрларға болған зәрүрликти қаплаў жумыслары да алып барылмақта.

Соның менен бир қатарда, педагог кадрлардың потенциалын арттырыў бағдарында өткен жылы март-апрель айларында аттестация процесине жәми 20 мыңға шамалас педагог кадрлар қамтып алынып, нәтийжеде алдынғы жылларға салыстырғанда, педагоглар санынан келип шыққан ҳалда жоқары категориялылардың үлеси 2,3 процентти қураған болса, ал, бүгинги күнде бул көрсеткиш 10,1 процентке өсти. Қәнигелик категориясына ийе болмаған педагоглардың үлеси 52,0 процентти қураған болса, ал, бүгинги күнде бул көрсеткиш 36,0 процентке азайыўына ерисилди.

Соны да атап өтиў орынлы, улыўма билим бериў мектеплериндеги жәми 3113 шет тили пәни муғаллимлериниң 70,4 проценти халықаралық ҳәм оған теңлестририлген миллий сертификатларға ийе.

Сондай-ақ, усы оқыў жылында тараўдағы педагог кадрларды материаллық жақтан хошаметлеў бойынша белгиленген қарар тийкарында оқыўшыларының орташа билим дәрежеси 80 процент ҳәм оннан жоқары көрсеткишке ийе болған 25 педагог-хызметкер ҳәр айлық 100 процент үстеме ҳақы алыўға ерисип, «Айрықша дәрежели» педагоглар, деп табылды.

Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри қоры (фонд) қаржылары еабынан 115 тәжирийбели педагог кадрларға мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарының 5,5 есеси муғдарында, алдымыздағы 9 ай даўамында 5 миллион сум муғдарында үстеме ҳақы алыўға еристи.

Сәўбетлескен:  Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги