Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 17-май күни Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки Самарқанд саммити шеңберинде Еврокомиссия Баслығының орынбасары Валдис Домбровскис басшылығындағы Европа Аўқамы делегациясын қабыллады.

Өзбекстанның ЕА институтлары менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўин, соның ишинде, регионаллық шериклик форматында кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Валдис Домбровскис мәмлекетимиз басшысына Еврокомиссия Баслығы Урсула фон дер Ляйен ҳәм Европа кеңеси Президенти Шарль Мишелдиң қызғын сәлемлерин жеткерди. Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған артқа қайтпас демократиялық жаңаланыўлар ҳәм социаллық-экономикалық реформалар қоллап-қуўатланды.

Ушырасыўда өз-ара сөйлесиўлер ҳәм нәтийжели алмасыўлардың жеделлескени, саўда, инвестиция, «жасыл» экономика, энергетика, аўыл хожалығы, транспорт ҳәм логистика, мәдений-гуманитарлық тараўларда бирге ислесиў пәтиниң артып баратырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Өзбекстанның ЕА мәмлекетлери менен товар алмасыў көлеми усы жылдың басынан 65 процентке артты. Европаның жетекши компаниялары ҳәм банк-қаржы институтлары менен әмелге асырылып атырған ҳәм келешектеги жойбарлар портфели 20 миллиард евродан асламды қурамақта.

ЕА институтлары менен белсене қарым-қатнасты, бәринен бурын, экономикалық бағдарда даўам еттириў зәрүр екенлиги атап өтилди. Онда Кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисимди қабыллаў, мәмлекетимиздиң Жәҳән саўда шөлкемине қосылыўы, «GSP+» преференциялар системасында қатнасыў менен байланыслы мәселелер дыққат орайында тур.

ӨзА