Қарақалпақстан Республикасы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң  2023-жыл 10-апрель күнги 1/8-санлы «Улыўма орта билим бериў мектеплериниң питкериўши класс оқыўшылары арасында информатика ҳәм информациялық технологиялары пәнинен еки басқышлы ашық олимпиадасын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қоспа қарары тийкарында, олимпиаданың республикалық басқышы болып өтти.

Оған Нөкис қаласы ҳәм барлық районлардан олимпиаданың қалалық ҳәм районлық басқышларында жеңимпаз болған оқыўшылар қатнасты.

Олимпиада жеңимпазлары  https://judge.allpro.uz арнаўлы системасы арқалы анықланды ҳәм оның жуўмағында 1-орынды Тахтакөпир районындағы 2-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң 11-класс оқыўшысы Дархан Ердәўлетов ийелеўге миясар болды.

Ал, 2-3-орынларды Нөкис қаласындағы 42-санлы мектептиң 11-класс оқыўшысы Расул Бегжанов, Тақыятас районындағы 6-санлы мектептиң 11-класс оқыўшысы Шахрух Аширбаевлар жеңип алыўға еристи.

Олимпиада жуўмағында жеңимпаз оқыўшылар  Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры ҳәм Қарақалпақстан Республикасы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министриниң Ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы