Николай Гогольдың аспазлық қәбилети жоқары болған. Римде жасаған ўақтында аспазлардан аўқат писириўдиң сырларын үйренип алып, макароннан ҳәр қыйлы тағамлар таярлап, досларын мийманға шақыратуғын болған.

 

Иван Сергеевич Тургеневтиң өлиминен соң қәнигелер оның бас мийин тексерип көрген. Жазыўшының мийи 2,5 килограмм тас басқан. Ал әпиўайы адамлардың мийи 1,5 килограмға шекем болады екен.

 

Фёдор Достоевскийдиң минезқулқы оғада өзгеше болған. Ол уйқышыл адам болып, адамлар уйқылаған ўақытта дөретиўшилик пенен шуғылланған. Оғада сезимтал болған Достоевский көз жасын тыйып тура алмайтуғын, көп жылайтуғын адам болған екен.

 

Марк Твен (Сэмюел Клеменс) кроватьта жатып жазыўды унататуғын болған. Ол теңизши болғанлықтан, «Mark twain» – тереңликтиң өлшем бирлигин өзине әдебий лақап етип сайлаған.

 

Артур Конан Дойлдың белгили қаҳарманы Шерлок Холмстың прототипи жазыўшының өзи болған. Себеби, жазыўшы өз қаҳарманы сыяқлы оғада ақыллы, тапқыр, дыққатлы болған. Көплеген зыялы адамлар ҳәм ҳүкимет басшылары оның жәрдемине сүйенетуғын болған екен.

 

Джек Лондон жазыўды хош көрмейтуғынлығын бәрқулла айтып жүрген, жаслық ўақтында теңиз қарақшыларына қосылып, Беринг буғазы, Аляска, Тыныш океаны ҳәм Япония жағалаўларына саяхат еткен. Келгеннен соң жазған шығармалары СанФранцискода шөлкемлестирилген очерклер жарысында жеңимпаз болған.

 

Бернард Шоу «Оскар» ҳәм «Нобель» сыйлықларының лауреаты болған бирденбир дөретиўши есапланады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниӊ шолыўшысы