Қарақалпақстан Республикасынан жетилисип шыққан биринши Өзбекстан Қаҳарманы – Онесия Сайтова шаңарақ ағзалары менен Нөкис қаласындағы 70-референдум участкасына келип, жаңа Конститиуцияға киргизилген өзгерислер менен қосымшаларды қоллап-қуўатлаған ҳалда даўыс берди.




 -Жаңаланған Конституцияда барлық тараўлар сыяқлы денсаўлықты сақлаў тараўында да айтарлықтай өзгерислердиң жүз бериўи күтилмекте,-дейди Онесия Сайтова. -Атап айтқанда,  ҳәр бир пуқараның кепилленген медициналық хызметтен  пайдаланыў ҳуқықын тәмийинлеў ушын денсаўлықты сақлаў системасының барлық тараўының мәмлекет тәрепинен хошаметлениўине байланыслы норма киргизилмекте. Соның менен бирге, халыққа медициналық хызмет көрсетиўдиң мәмлекетлик емес түрин, медициналық қамсызландырыўды раўажландырыў, халықтың санитариялық билимин жетилистириўге айрықша итибар қаратылады. Айрықша атап өтиў керек, Аўыллық жерлерде мецициналық хызметтиң сапасын түп-тийкарынан жақсылаў нәзерде тутылғанлығын айрықша атап өтиў керек. Бул өзгерислердиң барлығы биринши гезекте инсан мәпи, перзентлеримиздиң бахытлы келешеги ушын хызмет етеди. Сонлықтан да, сиясий процесске бийпәрўа болмастан, перзентлерим ҳәм ақлықларым менен өзим жасайтуғын аймақтағы референдум участкасына келип, даўыс бердик. Мен қатары аймағымыз турғынлары да даўыс бериўде белсене қатнаспақта.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы

М.ҲӘБИБУЛЛАЕВтиң түсирген сүўретлери