Елимиздиң ертеңги келешеги, раўажланыўы ҳәм халқымыздың абадан турмыс кешириўи мәмлекетимизде жаңадан қабыл етилип атырған Өзбекстан Республикасының Конституциясына тиккелей байланыслы. Сонлықтан, бүгин елимиздиң барлық аймақларында болғаны сыяқлы, Тахтакөпир районы пуқаралары да өзлери жасап турған аймақлардағы Референдум өткериўши участкаларға барып нызам тийкарында даўыс бермекте.
Тахтакөпир районында Референдум өткериўши 20 участка болып, солардың 16 сы улыўма орта билим бериў мектеплеринде жайласқан. Алған қалған участкалар болса, районлық Мәденият орайы, кәсип-өнер мектеби, Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби, Бәркамал әўлад дөретиўшилик орайында жумыс алып бармақта.
Алынған мағлыўматларға қарағанда район бойынша 19 мың 769 даўыс бериўши болса, соннан саат 16 ға шекем 15523 пуқара даўыс бериўге қатнасып, референдумға қатнасыў көрсеткиши 79 процентти қурады.
Ҳәзирги ўақытлары да Тахтакөпир районындағы Референдум өткериўши участкаларда даўыс бериў шөлкемлескенлик пенен өткерилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги