Жаңа Конституция шын мәнисиндеги Халық Конституциясы болып, ондағы өзгерислер халқымыз арасында додаланып, олар оған өзлериниң арзыў-нийетлерин қосыўға ҳәрекет етти.

Халқымыз бүгинги референдумға белсене қатнасып, ертеңги күнимиздиң еркин ҳәм абадан болыўы ушын бахытлы келешегимиздиң  ҳуқықый кепили болған жаңа Конституцияны қоллап-қуўатламақта.


Себеби, бүгинги турмысымыздың ҳәр бир саласында үлкен өзгерис ҳәм жаңаланыўларға тийкар болатуғын усы сиясий процессте белсене қатнасыўымыз айрықша әҳмийетке ийе.

Бүгинги референдумға Нөкис районы турғынлары да белсене қатнаспақта.


Районда 30978 адамның даўыс бериўи күтилмекте. Даўыс бериўшилердиң саны саат 15:00 ге 63 проценттен асты.

Нөкис районындағы 380-референдум участкасында да даўыс бериўге аймақ турғынлары белсене қатнасып, елдиң келешегин белгилеўши Коституциямызға мүнәсибетин билдирмекте.

Бул участкада 499 адам, соннан үйлеринде, турған жеринен 11 адам даўыс береди. Даўыс бериўшилердиң 159 ы жаслар, соннан 11 и биринши мәрте даўыс бериўшилер болып есапланады.



– Ўатан тәғдири, мениң тәғдирим де, келешегим де жаңаланып атырған Конституцияда белгиленген. Конституция бул – Бас нызамымыз. Мен өзимниң келешегиме бийпәрўа емеспен. Сонлықтан, мен референдумға өз даўысым менен қатнасыў ушын келдим,-дейди биринши мәрте даўыс бериўге келген жаслардың бири Дилназа Қудайназарова.

Орынларда даўыс бериў илажлары даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги